Маҳбуба Хамидова


Download 1.19 Mb.
bet3/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Салыстырыў-билиўдиң кең тарқалған усылы, «барлық нәрселер салыстырғанда билинеди» принципине тийкарланады. Салыстырыў нәтийжесинде бир қанша объектлер ушын улыўма ҳәм тән болған тәреплер анықланады. Бул нызамлылықлар ҳәм нызамларды билиў жолындағы биринши қәдем екенлиги мәлим.
Салыстырыў нәтийжели болыўы ушын еки тийкарғы талапқа әмел етилиўи зәрүр:
Бириншиден бунда арасында белгили объектив улыўмалық болыўы мүмкин болған объектлер ғана салыстырылыўы керек;
Екиншиден, объектлерди салыстырыў әҳмийетли (билиў ўазыйпасы сыпатында) қәсийетлер, белгилер бойынша әмелге асырылыўы тийис.
Салыстырыўдан айырмасы, өлшеў билиўдиң бираз анық усылы есапланады. Бул усылдың баҳалылығы соннан ибарат, дөгеректеги объектлер ҳаққында жоқары анықлыққа ерисиледи. Илимий билиўдиң эмпирик процесинде өлшеў баҳлаў ҳәм салыстырыўдағыға уқсас болады.
Эксперимент, эмпирик изертлеўдиң жоқарыда көрип өтилген усылларынан айырамасы бираз улыўма қойылған илимий тәжрийбе есапланады. Бунда тек бақлап ҳәм өлшеп ғана қалмастан, ал объект ямаса изертлеў объектиниң өзи бар болған шәраят белгили тәризде өзгертиледи. Эксперимент нәтийжесинде бир ямаса бир неше факторлардың басқа ямаса басқаларға тәсирин анықлаў мүмкин. Бақлаўдан парқы эксперимент тәжрийбениң тәкрарланыўын тәмийинлейди, объекттиң өзгешеликлерин ҳәр қыйлы шәраятларда изертлеў ҳәм объектти «таза ҳалында» үйрениўге имканият береди.
Эмпирик изертлеў усыллары илимий билиўде үлкен әҳмийетке ийе. Олар тек болжаўды дәлиллеў ушын тийкар болып қалмастан, ал көбинесе илимий жаңалықлар, нызамлар ҳәм басқалардың дәрегиде есапланады.
Эмпирик ҳәм теориялық изертлеўлерде талқылаў ҳәм синтез, дедукция ҳәм индукция, абстрактлаў усаған универсал усыллар кең қолланылады.
Таллаў (анализлеў) усылының мәниси изертлеў объектин пикириңде ямаса физикалық жақтан қурам бөлеклерге ажыратыўдан ибарат. Бул жағдайда объекттиң айырым элементлериниң мазмун-мәниси, олардың байланслылығы ҳәм өз-ара тәсири үйрениледи.
Таллаўдан айырмасы синтез изертлеў объектин бир тутас пүтинлик сыпатында бөлеклериниң бирлиги ҳәм өз-ара байланыслылығында билиўден ибарат болады. Синтез усылы қурам бөлеклери талқыланғаннан соң қурамалы системаларды изертлеў ушын қолланылады.
Таллаў ҳәм синтез усыллары бир-бири менен байланыслы және илимий –изертлеў ўақтында бири-екиншисин толықтырады. Олар үйренилип атырған объекттиң қәсийетлери ҳәм изертлеўдиң мақсетине байланыслы ҳалда ҳәрқыйлы формаларда қолланылыўы мүмкин. Эмпирик элементлик-теориялық, структуралық-генетикалық таллаў ҳәм синтез бар.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling