Манги булаклар doc


Download 0.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet34/39
Sana28.02.2023
Hajmi0.5 Mb.
#1237555
TuriПоэма
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   39
Bog'liq
mangibul

МУҲАББАТ 
Жер жасармас, гүл ашылмас түспей жамғыр тамшысы, 
Қайдан алсын қосықты шайыр, болмаса илҳамшысы?
Бир гөззалдан, айтыңыз, қайсы шайыр руҳланбаған, 
Байроның, Лермонтовың ба, Пушкиниң бе, - кайсысы? 
Мəзи бир кесек еттен ибарат жүрек деген,
Пара-пара кеспесе ышқы муҳаббат қайшысы. 
Яр тисиниң гəўҳарынан тутандырдым бул қосықты,
Ал енди айтың, буның ҳинжиден кем кай түси?
Бул татар шайырларын артқа тартыўдур бəлким,
Айдасын алға оларды шын муҳаббат қамшысы, 
Муҳаббаттың бир ғəрип гедайы болсаң жетер,
Ўаз кешиў мүмкин “бол - десе, - дүнья ҳүкимдаршысы”. 
Аҳ, қаныңдай лəззетли жасырын азап, жасырын күйиў,
Бар ма екен сирə буның меннен бөтен аңлаўшысы?
Бизден илгери өткен ашықлар, яр болғайсыз,
Қайда Фарҳад пенен Мəжнун, - мендур таңырқаўшысы! 
КЕҢЕС 
Жақын достым, меннен саған кеңес сол,
Кисилерге сырыңды сөйлемес бол. 
Ишиңде не от жанғанын өзиң бил,
Өзиң қайғыр, өзиң жыла, өзиң күл. 
Ашып жасырын ғазийнеңди жүректен,


71
Бир аўыз да сыр айтпасқа əдетлен. 
Кисилер тек өзин ғана сүйеди,
Бахытсызлардың үстинен күледи. 
Олар жырткыш, қаш олардан ҳəр жерде,
Бөри былай турсын олар бар жерде. 
Қайырқомсып жүрип сырыңды билип,
“Акмақ бул” - деп саяр сыртыңнан күлип. 
Қашагөр қус киби мақтаўларынан,
Хабардар бол қурыўлы аў барынан. 
Егер қайғың сыймай кетсе ишиңе,
Бир жылап ал көринбей ҳеш кисиге. 
Келсе биреў жылап турған ўағыңда,
Бир кеңес берейим саған тағы да: 
“Көзиме бир шөп түскен бе, билмеймен,
Ертели-кеш жас парлайды” дегейсең. 
ШАЙЫР 
Жыллар өтип, ўақтым жетип қартайсам да,
Бел бүкирейип ҳалымнан мен тайсам да,
Кеўлим қалар жас күйинде, ҳеш қартаймас,
Жаным мениң жабырқамас, ҳалдан таймас. 
Көкирегимде шайырлық от турса жанып,
Қартайсам да көтерермен таўды анық.
Болса да дүнья кеўилсиз, күнлер аяз,
Шайыр кеўлинде қыс болмас, мудамы жаз. 
Мийи тозған ғаррылардай манаўсырап,
Отырмаспан жоқты-барды ҳақтан сорап.
Косығым менен жылытарман мен өзимди,
Тығылмаспан қуўысына пештиң бирақ. 
Қосық айтып өлермен, мен өлгенде де,
Айтарман тап Əзирейлини көргенде де.
“Биз кетемиз, сиз қаласыз!” деп жырларман,
Жəсəдимди топырақ пенен көмгенде де. 
НƏСИЯТ 
Мүтəжлик айдаўында келсе есикке дийўана,
Қатты-қайырым сөз айтып, инсаниятын қыйнама. 
Сендей, ол тиленши де, билсең алланың қулы,
Ашлық-əптадалықтан саған жайылған қолы. 


72
Билмеңиз бир жақлы деп бул опасыз дүньяны,
Бар оның еки таманы: күн жағы ҳəм түн жағы. 
Айланар гүпшек яңлы байлық ҳəм даңқ, мəртебе,
Бүгин - байсаң, шайтаннан да жарлысан сен – ертеге. 
Болса - бер, болмаса айт жайлап ғана болмаслығын.
Сезбей қалма бул келген бəлки Қызыр Ильяслығын... 

Download 0.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling