Манги булаклар doc


Download 0.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet2/39
Sana28.02.2023
Hajmi0.5 Mb.
#1237555
TuriПоэма
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   39
Bog'liq
mangibul

РУБАИЛАР 
Дүньяға бийпарўа қарайсаң мудам,
Еки туўып, бир қалғандай сен оған.
Алды кызық, кейни бузық дүнья бул,
Сеннен басқаға да ўапа қылмаған. 
* * * 
Алдын мен өлип, сен аман қалғайсаң
Билемен, сонда ҳəм қапа болмайсаң.
Өтинемен сонда “мениң дəртимнен
Өлди-аў байғус” деп бир еске алғайсан. 
* * * 
Егер ғам-қайғыдан кимниң жолына
Паяндозлар жайса, - əне сол бизлер.
Қатты қоллы тəғдир буғаўларына
Ким грипдар болса,- əне сол бизлер. 
* * * 
Патшамыз соныңдай кең, əдалатлы,
Атар оқларына алтын жалатты:
Өлгенлер - кепинли болып қалсын деп,
Жараланса - дəри сатып алсын деп... 
* * * 
Пул ҳəм аўқат, ҳəзлик - тəн азығыдур,
Ақыл менен илим - жан азығыдур.
Ақыллылар мудам жақсылық гөзлер,
Ақмақлар урыс-жəнжел майданын излер. 
* * * 
Шалқып, толқып Мулиён шақырар мени,
Ядлап яры мийрибан шақырар мени.
Жипектей тийер табанға Əмиў қумы,
Кешип өт деп армаған шақырар мени.



Ат баўырынан келермен қайтып өтсең,
Дегендей Жайҳун дəрьям шақырар мени.
Ығбал астанамыз Бухараи шəрип, 
Патшам, интизар саған, шақырар мени.
Сен ай болсаң, Бухара - кең аспандур,
Нурыңнан болып рəўшан, шақырар мени,
Сен шынар болсаң, Бухара бостаныңдур,
Елге қайтайық, патшам, шақырар мени... 
* * * 
Ақылымды алған перийзат, биз ғəрипти яд əйле, 
А
ШЫҒЫҢНЫҢ 
кем кеўлин, реҳим қыл, абад əйле.
Бизди отқа жаққаннан поса бермек қыйын ба?
Қылма кеўлимди ўайран, ҳижраннан азат əйле.
Егер айт десең ғəзел, бул оңай ис мен ушын,
Сен ушын болса мүшкил, бизге ишарат əйле.
Бизди ышқыңда өртеў сен ушын ермек мəзи,
Ай жүзиңди көрсетип, Рудакийди шад əйле. 
* * * 
Сəрўи талым, бир дүбелей бизди айырды сеннен,
Жулып əкетти жанымда өсип турған жериңнен,
Тулымың тартылған жай, кирпигиң əжел оғы,
Көркине мəңги бəнт болып, қалғаным ба енди мен?
“Сениң шийрин посаңның, айт баҳасын, гөззал”, деп, 
Сораўға ким жүрексинер сезими бар бендеден?
Жамалың жалын болып өртеди Рудакийди,
Кетти ақылым, қалды жаным, тек шықпаған геўдеден. 

Download 0.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling