Манги булаклар doc


Download 0.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet8/39
Sana28.02.2023
Hajmi0.5 Mb.
#1237555
TuriПоэма
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   39
Bog'liq
mangibul

САЗЫНА ТУРМАС 
Жоқсызлықта нешшелердин дəўраны
Жатып жақсы көрген түсине турмас.
Мың сағал улыса жыйылып бəри,
Шердиң бир ақырған сесине турмас. 
Бақылларға жүз сарғайтып қарама,
Аштан өлсеңдағы ҳəргиз жолама.
Қул деп, жигитлердиң ҳаслын сорама,
Хожасы бар бəлки қулына турмас. 
Адам бар ақылы ағладур шадан,
Шалар бар көрсеңиз халқынан надан. 
Келбети келмеген, қулқы пəс адам,
Перизаттың жалғыз назына турмас. 
Басы мəжилиске кирмеген киси,
Бир ҳəм ышқы отында күймеген киси.
Саз-сəўбет лəззетин сүймеген киси,
Ҳөнерли жигиттиң сазына турмас. 
Нешшелер мал таппас, кеўли пəс болар,
Нешшелер дəўранды сүрип мəс болар.
Нешшениң бир пуллық нырқы ҳеш болар,
Баҳасы жасаған жасына турмас. 
Адамлар ишинде адам не қыйлы,
1
Қашқаш - көнар. 


15
Жанға ҳазар берер адам жəҳили.
Адамлар бар: гелледеги ақылы
Кийген телпегиниң пулына турмас. 
Жақсыдан - шарапат, жаманнан - зыян,
Иззетинде болғыл жақсының мудам.
Сөз мəнисин билмес зейни пəс адам,
Даналардың айтқан сөзине турмас. 
Мақтымқулы, сөзиң билгенге сөздур,
Билмеген адамға мəзи ҳаўаздур.
Адам бар мың тумен жедирсең аздур,
Адам бардур жеген нанына турмас. 
КЕТЕР 
Адам улы, пəлек сениң
Бир кун тоның пишер кетер,
Жəллат киби урып қанжар,
Қанларыңды шашар кетер. 
Гезбе жаҳанды мейил етип,
Бийҳуўда жерде сейил етип,
Алдын қонған нəўбет жетип,
Көз ашқанша көшер кетер. 
Өлген соң сени ким ядлар?
Себил қалар бедеў атлар.
Оны минген азаматлар
Қара топырақ қушар кетер. 
Бес күн өмир ғанийбетдур,
Соңы оның ақыбетдур.
Əжел бир ашшы шербетдур,
Ҳəр ким оннан ишер кетер. 
Мақтымқулы, бу не жайдур?
Əжеп бир кəрўан сарайдур.
Дəўран бир долы ҳаялдур,
Бир күн сени қушар кетер... 

Download 0.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling