Манги булаклар doc


Download 0.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet5/39
Sana28.02.2023
Hajmi0.5 Mb.
#1237555
TuriПоэма
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   39
Bog'liq
mangibul

ҲАҚЫЙҚАТ ДОС ҲАҚҚЫНДА 
Дос таўып ал келгеннен соң дүньяға,
Хəм достыңнан жаныңды да аяма.
Болса дос кеўлинде бир қайғы-ғамы,
Суў болып жуў қайғысын сен мудамы.
Бийжағдай уйытқып ескен самалдан,
Нəбада шаң түсип жүрмесин оған.
Шаң көрсең мəгар достыңның шалғайында, 
Қыйлан шаң көргендей өз маңлайыңда.
Ҳəм де басқа биреў көрместен бурын,
Шаңын қақ, тазала шалғайын оның.
Достың, - қарар көзиң, буны уға бил,
Ал сен кирпик болып оны баға бил,
Бизиң арамызда пəс минезлер көп,
Иренжитер мысал көзге түскен шөп,
Ғыйбат отынан аўлақ сал жайыңды.
Ошаққа түспесин, жый шалғайыңды,
Жалғаншы дос жорта мийрибан болар,
Сени аяп, жаны ашыған болар,
Сен қайда барсаң ерердей көринер,
Жанын десең, жан берердей көринер,
Бақ-мəртебең болса, бағынар саған,
Зуўқылдап өтириктен жағынар саған.
Оның шын, жалғаншы екенин ҳаслан,
Басқа аңласа да, сен аңламассаң.
Сениң қыялыңнан шығар қыялы,
Сүтке қант салғандай тили мазалы.
Ай-ҳай, бир күнлери сөйтип жүрип сен,
Сол достыңның қақпанына түсерсең...
Қайда күшли болса маккарлық, сумлық.
Ол жерде болмас ҳеш дослық, татыўлық. 
СУФЫЛАР 
Есиң болса суфыларға жолама,
Адамшылық қəсийет жоқ оларда,
Нəфсин тыйыў түўе, нəфси ашылар,
Аўзынан өтирик сөзлер шашырар.
Аўқат, уйқы, ҳəзлик - олардың дəрти,
Өлемиз-аў деп те ойламас бəлки.
Қулқын ушын болар қылған дуўасы,
Журттан жырсам дейди бар муддəҳасы,
Суфылардың пири - жалғаншы шайық,


10
Алдар наданларды мəзи қол жайып.
Пирдиң пəтиясы түспес арзанға,
Ол қарайды қолыңа ҳəм қазанға,
Сандырақлаған суфының сөзлери,
Қазаннан айрылмас жаўыз көзлери.
Суфы аўқат көрсе қайтип туралар,
Көзи ошақтағы оттан нур алар,
Дəстурхан келгенде сөзин туўарып, 
Шайық қолы бүрер ҳалўаны барып,
Егер от тартылып, түсирилсе қазан,
Үн шықпас шайықтан ҳəм де суфыдан
Хурманың жақсысын, еттиң майлысын,
Тарпа басар “астың ҳүрмети” ушын,
Аўызлар салпылдап кирисер иске,
Тойған соң намазға отырар кеште.
Оннан кейин азлап тынышланады,
Ҳəм қудайын азлап еске алады. 
НАЎАЙЫ 
(1441-1501) 
Наўайыға бəрҳа дос едиң заман,
Бирақ аз кем шадлық бермедиң оған. 
Наўайы
Уллы өзбек шайыры Мир Əлишер Науайы Хиратта 
(ҳəзирги 
Афғанстанда) 
туўылған, 
султан 
Ҳусеин 
Байқараның ўəзири болып, илим ҳəм көркем өнер 
адамларына көп ғамҚорлық ислеген. Ол шығармаларын 
фарсы ҳəм түрки тиллеринде жазған. 
Наўайының əдебий мийраслары оғада уллы. Төрт 
дийўан (лирикалық қосық топламлары), “Ҳамса” атлы 
поэмалар жыйнағы, искусствоға байланыслы бираз 
трактатлар Наўайы творчествосының негизин туплейди. 
Əсиресе, шайырдың “Ҳамса” китабы оғада кең белгили. 
Бул топлам “Ҳайратул абрар”, “Лейли ҳəм Мəжнун”, 
“Фарҳад ҳəм Шийрин”, “Жети жулдыз”, “Искендер 
дийўалы” атлы бес монументаль дəстаннан турады. 
Əлишер Наўайының шығармалары қарақалпақларға да 
ертеден мəлим. Бердақ оны өзиниң уллы руҳый устазы деп 
таныған. 

Download 0.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling