Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
ТӨРТЛИКЛЕРДЕН
Ғəрип мискинлердиң дəўраны болмас, Елде абырай, үйде ас - наны болмас. Алтын кəпес ишине қызыл гүл питсе, Бүлбилге тикендей паяны болмас. * * * 11 Көз ҳəм қасың жақсы, қабағың жақсы, Тилде сөзиң, шийрин додағың жақсы. Жүзиңдеги меңиң, буғағың жақсы, Айта берсем, бастан-аяғың жақсы. * * * Мəйлейин, дослар, қасымда ярым жоқдур, Ҳижранында күйдирген нигарым жоқдур. Шөллерди гезген қуйындай бийқарарман, Сергизданлықта зəрре ықтыярым жоқдур. * * * Шақырса да бизди қумсап жүргенлер, Ҳеш аяғым тартпас оларға қарап. Өзим мерекелес болғым келгенлер Мəжилисине мени шақырмас бирақ. * * * Таң самалы, бизди аяма ҳасла, Жан-жүрегим апар сол баўыры тасқа. Жүрегимди жегиз ярдың ийтине, Жанымды аяғының астына тасла. * * * Өмир, шийринликте саған не жетер? Мен сени сүйемен жанымнан бетер. Ышқы-муҳаббатты кқшли зат дейди, Өмир, саған ышқым бəринен өтер. * * * Тəғдир жумбақларын шешерсең, адам, Дүньяның сырларын ашарсаң, адам. Сөйте тура яр ышқысы алдында Сонша неге ғəрип нашарсаң, адам? ҒАЗЕЛЛЕР Ярдан айырылған кеўил бир мүлкдур султаны жоқ, Султансыз калған мүлк, демек, бир тəндур ол жаны жоқ. Жансыз тəннен не ғəнийбет, айтыңшы, бирадарлар? Ол ҳəм бир шөл баябан гүли райханы жоқ, Дақылсыз, райхансыз шөл баябан кимге дəркар? Ол бир қараңғы ақшамдур маҳи табаны жоқ. Маҳи табансыз ақшам ай шуғласына мүтəж, Тас түнек абиҳаятсыз ҳеш кимге паяны жоқ. Тас түнек абиҳаятсыз - өзидур жəҳəннемниң, Ол жерде жəннет бағының зəрре бир нышаны жоқ. Жəннет бағынан наүмийд дозақый болған адам, 12 Ол ҳəм бир мəйқумардур мəс болыў имканы жоқ, Əй Наўайы, сонда ҳəм яр ышқынан ўаз кешпе сен, Яр жолында жан пида қылғанның əрманы жоқ. * * * Келсең салланып, дилбар, қызыл, жасыл, запыран, Ышкықңан жалын лаўлар қызыл, жасыл, запыран. Айралықтың шөлинде аҳ шексем, дəрт гүлханы Тамызықсыз тутанар қызыл, жасыл, запыран. Сен десем ышқы гүлшаны жылўаланар кеўлимде, Онда гүллер ашылар қызыл, жасыл, запыран. Сениң жүз-көзлериңди, жүзде ноқат қалыңды Ойласам, көзим тынар қызыл, жасыл, запыран. Алтын кəсаға қуйған қанлы шарап жылўасы Қолларымда шайпалар қызыл, жасыл, запыран. Қырық жамаў, яла-ғула гедайылық липасы, Тапқан лəттесин жамар - қызыл, жасыл, запыран. Əй Наўайы, болма ҳəўес сен ҳəдден тыс бояўға, Өйтсең жазғаның шығар қызыл, жасыл, запыран... МАҚТЫМҚУЛЫ (1730-1790) Адамзат миймандур дүнья үйине, Бир күн үй ишинде мийман табылмас. Мақтымқулы. Туўысқан түркмен халқының уллы гуманист ойшыл шайыры Мақтымқулы Орта Азия далаларында жасаўшы халықлар арасына оғада кең таралған философиялық лириканың тең-тайсыз шебери. Ол Түркменстанның Иран кенен шегаралас жағында Ғаррықала деген жерде туўылған. Əкеси Азадий да заманында атақлы шайыр болған. Мақтымқулы косықлары қарақалпақ халқы арасында ерте заманлардан бери (бақсылар арқалы) аўызша ҳəм қолжазба түринде соншелли кең таралып, ҳəтте ол қарақалпақлардың, хорезмли өзбеклердиң өз миллий шайырларының қатарында халық руҳына сиңисип кеткен. 1903-жылы Петербург университетиниң студенти И.Беляев қарақалпақ арасынан Мақтымқулының қосықларын жыйнаған. Мақтымқулының топламлары қарақалпак тилинде еки ирет басылды. Download 0.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling