Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
ОМАР ҲАЙЯМ (1048-1123) Ақмақлардың берген бальзам суўынан, Ақыллының берген зəҳəри зыят. Омар Ҳайям. Фарсы - тəжик шайыры, математик дəм философ Омар Ҳайям Хорасандағы Нишапур қаласында туўылған. Балх шəҳəринде оқып, Бухара эмириниң сарайында да жасаған. Оның рубаи (төртлик) формасында жазылған философиялық қосықлары жаҳан поэзиясы ғəзийнесинен айрықша орын алады. Бул төртликлер ерте заманлардан берли Шығыс ҳəм Батыста оғада кең таралған. Омар Ҳайямның рубаиларында “тəғдир исиниң” əдалатсызлығына, дүньяның натуўры дүзилисине, ислам догмасына қатты наразылық, адамзаттың азат өмирине қызғын муҳаббат мотивлери оғада күшли жырланады. Омар Ҳайям бул əжайып төртликлерин илимий 4 трактатларының шетине жаза берген, соң буның мəнисин түсинген биреўлер жыйнап, топлам етип шығарған деген де рəўият бар. РУБАИЛАР Мен дүньяға келген менен толды ма дүнья? Мен кетемен, кеткен менен сорлы ма дүнья? Топырақтан шығып, жəне неге топырақ боламан, Түсиндирер адам сенде болды ма дүнья? --------------------------------------- Гүлалға барсам, ылайынан зуўала етип атыр, Зуўлап айланып зуўала исленип кетип атыр. Патшаның басы, шопанның аяғы бар топырақтан Ыдысқа мойын, тутқа, қулақ дүзетип атыр. ----------------------------------------- Өлимди неге бердиң, өмир бергеннен кейин? Гүл ҳеш солмаса еди бир көгергеннен кейин. Ылайы шала писти ме соққан гүзеңниң, ҳəй гүлал, Не ушын сындырасаң бир ислегеннен кейин? --------------------------------------------------- Биз дүньядан кеткен менен дүньяға бир пул, Жерден изимиз өшкен менен дүньяға бир пул, Дүнья турды ҳəм турады биз болмасақ та, Жер астына биз түскен менен дүньяға бир пул. --------------------------------------------- Бир гезде алтын сарай жарқырап турған жайда, Патшалар дəўран сүрип, шан-шəўкет қурған жайда, - Қумыры қус отыр бүгин жарты пақсаға қонып, Ҳəм жылар муңлы сес пенен: «қайда ол, қайда?». -------------------------------------------------- Биз дүньяның маңызымыз сайланған. Дүнья деген бир дөңгелек айланған. Адам - ең ҳасыл тас дүри-гəўҳардур Сол бир дөңгелек мықлап байланған. ------------------------------------------------ Қосық дəптеримди қалтаға салып, Бир гүзе шарап ҳəм азкем нан алып, Сениң менен сəўбет қурсам аўлақта, Шаҳлар күйер еди-аў ишлери жанып. --------------------------------------------- Мениң дəртим - ышқы, ал қуран емес, Мен бир қумырысқаман, Сулайман емес. Жүзим мениң запырандай сарғайған, Кийгеним жипек я сақтыян емес. --------------------------------------- Жан азабын шектим, бир күн саўа жоқ. Бийдəртлерде уўайымнан наўа жоқ. Не бир аўыр дəртке табылар дəрман, Ашықлық дəртине, бирақ даўа жоқ. ----------------------------------- 5 Өмирге ынтығып қумарланбасаң, Ышқы азабына күйип жанбасаң, Ышқысыз өткен күн қараңғы түндей, Соннан жаманы жоқ, көр инанбасаң. ------------------------------------------ Бəҳəр изинен бəҳəр өтер зымырап мудам, Өмириңди шадлық пенен өткиз, ҳəй адам. Тиришиликте не бар дейсең жасаўдан зыят? Қəйтип сүрсең, сөйтип өтер үстиңнен дəўран. ------------------------------------------- Жер наныңды тилемесең басқадан, Болса үстиңде күн түспестей баспанаң, Хожа да болмасаң, қул да болмасаң, Сол күниңе шүкирлик қыл ҳəй адам! ----------------------------------------------- Ақмаққа ҳəмдам болсаң қалмас ар-уят, Сол ушын Ҳайямнан тыңла нəсият: Ақмақлардың берген бальзам суўынан, Ақыллының берген зəҳəри зыят. ----------------------------------------------- Бул заманда адамларға исенбе, Сырыңды айтсаң, тап боларсаң кисенге. Дос дегениң душпан болып шығады, Күлип жүрип ор қазады, жығады. ------------------------------------------------ Тулғасы болмаспан мен бул дүньяның, Жулар бир күн əжел өмир урқанын. Топырағымнан сонда гүзе соғылар, Ҳəр шарап қуйғанда тирилер жаным. --------------------------------------------- СААДИЙ (ХШ əсир) Орта əсирдеги фарсы шайыры Саадий Ширазий Хорасанның Шираз шəҳəринде туўылып өскен. Саадий ески Күншығыстың көп еллерин саяхат етип аралап көрген. Шайырдың “Гүлистан” ҳəм “Бостан” атлы данышпанлық шығармалары дүнья əдебиятында терең из қалдырды. Бул еки шығарма да Күншығыс рəўиятлары, халық даналығы менен суўғрылған. Саадийдиң шығармалары Күншығыс еллеринде ерте заманлардан берли жасларға ақыл-нəсият сабағы сыпатында оқытылған. Саадийдиң, қосықларын А.С.Пушкин жоқары баҳалаған. Download 0.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling