Манги булаклар doc


Download 0.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet7/39
Sana28.02.2023
Hajmi0.5 Mb.
#1237555
TuriПоэма
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   39
Bog'liq
mangibul

ДƏЎРАН ТАБЫЛМАС 
Алғысты көп алған көгерер гүлдей,
Гүлдиң мəўсиминдей дəўран табылмас.
Ғарғысты көп алған үгилер күлдей,
Күл орнынан қайтып бостан табылмас. 


13
Тəн журтында ғамлы кеўил мүсəпир,
Жүрек дəртли, жаным көп тартқан жəбир.
Сүйенер мəрт излеп боларман себил,
Ығбалыма мəрди-майдан табылмас. 
Кеўил қойып гөзле ҳақтың жолына,
Машқул болма “дүнья қуўмақ” ойынына.
Адамзат миймандур дүнья үйине,
Бир күн үй ишинде мийман табылмас … 
Мақтымқулы, тəғдирине тəн берди,
Ҳəр ким көмешине күл тартты енди.
Жаман екен, аңламаса дəртиңди,
Жəҳиллик дəртине дəрман табылмас. 
БОЛАРСАҢ 
Бəлент таўлар, бийикпен деп буўсанба,
Ериген бир шанақ зердей боларсаң.
Терең дəрья, айбатыңа қуўанба,
Ўақтың жетсе, қара жердей боларсаң. 
Пиллер пешше болар, - жазмыш айыбы,
Шер, қаплан асқынса, - тышқан ойыны.
Нилдиң əйдарҳасы, Жəйҳун жайыны,
Қулағына урған малдай боларсаң. 
Билгенимди айттым, сөз келген ўақта.
Заўал бар орынсыз урған таяқта.
Залымлар қор болып, қалар аяқта,
Ғəрип, сен жылама, шердей боларсаң. 
Жақсылар жаныңда жургил сен өзиң, 
Мəниси дүр болсын сөйлеген сөзиң.
Алымға уйысаң, ашылар көзиң,
Жəҳиллерге ерсең, гөрдей боларсаң. 
Луқмандай көп дəртке дəрман берсең де,
Рүстемдей дəўлерге пəрман берсең де,
Искендердей жердиң жүзин алсаң да, 
Соңында ҳəммеге теңдей боларсаң. 
Мақтымқулы, серле иши-тысыңды,
Жайын билип сарп ет болса асыңды.
Ақыллының қой жолына басыңды,
Ер изине ерсең, ердей боларсаң. 
ТАСТЫ СЫНДЫРАР 
Ығбалың оянса, дəўлет яр болса,
Таўға азыў урсаң, тасты сындырар.


14
Талайың терис келип, дəўлетиң тайса,
Гүриштиң усағы ҳəм тистт сындырар. 
Суўға түс, көкке уш, бекип айналаң,
Əжелде ғалетлик бар деп ойламаң,
Санаўлы дем питип, толса пайманаң,
Қашқаштың
1
пақалы басты сындырар. 
Қулағың сал, ақылын ал билгенниң,
Ақыры ҳеш жерге бармас жалғанның.
Өмири зыят болар алғыс алғанның,
Ғарғыс ҳеш мандытпас, жасты сындырар. 
Ақылдың сөзине кеўил сүйинер,
Ақмақтың исине жаның түңилер.
Ҳийлекер кең жерде билгиш көринер,
Тар жерде ақылды - ҳуўышты сындырар. 
Мақтымқулы, таўдур пəс көрген менен,
Ақыл питпес узақ жас берген менен.
Тар мəжилисте толы ас берген менен,
Нəпсин тыймас, ол ыдысты сындырар. 

Download 0.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling