Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
АЛЬБОМҒА
Жалғыз мазар турған қула далада Тербемей ме жолаўшының қыялын. Сол сыяқлы бул қосығым набада, Сениң нəзериңе илингей, жаным. Соңлары сен оны оқып көрерсең, Сени қəйтип сүйгенимди билерсең. “Ол енди жоқ, қосығына бирақ та Өз жүрегин жерлеп кетипти-аў” дерсең. ПРОМЕТЕЙ О сен, титан! Биздей жер бендесине, Тəғдирине жердей ҳəсиретхананың, - Инсан мүшкиллерин алып есиңе, - Рəҳим етип, сен жеркенбей қарадың. Қəне сөйткендеги алған сыйлығың? Айтқысыз азапқа койдың жаныңды. Баўырыңды жулып жеп бийрəҳим қузғын, Шоқып азап берип, ишер қаныңды. Таўға шегелендиң. Буғаўың муңлы Сылдырлар. Шарпыйды азап жалыны. Сен ыңырсып жуттың өз даўысыңды, Қоймайын деп тəңирлерге жалынып. Ўа, мəрт титан, азап пенен алысқан! Сен мықлысаң, Қыйнаса да қаншелли, Жасымадың, ырқ бермедиң сен ҳаслан, Сум тəғдир шынжырлап таслады сени. Қүдиретли бийрəҳим күштиң зулмети Бар əлемниң жаўызлығын бийлеген, Кеўли келсе көкти шадыман етип, Қаҳəрленсе жер-жексенлеп ийлеген. Ол сени өлимнен мəҳрум қылды да, Ҳақсыз өлмесликке етти сазыўар. Сен бул ашшы сыйды қабыл алдың да, Сыр бермедиң, тəўбе қылмадың зинҳар. Аспан ҳүкимдары Зевс тəңириге Жалыныў орнына, сен бас иймедиң, Қол қаўсырып жасағанша мəңгиге, Бағынбай, азапта жасайын дедиң. Ақыбети не боларын Зевсгиң 30 Билдиң, қыйнаса да айтпадың бирақ. Жасынлар шатырлап үстине түсти, Тереңге таў менен сен түстиң қулап … Сен бир еден едиң - сол болды гүнаң. Қылмысын - адамға ақыл үйреттиң, Ығбал тапсын дедиң бул бəрше инсан. Тəғдир бул ойынды сениң күл етти. Лекин, ҳəй баҳадыр гүресшең титан, Сениң азатлық деп түсинген затың, Уллы үлги болып дүньяға мудам, Гүреске үйретер адам əўладын! Сен ғайрат тымсалы, сен ярым қудай, Амый бенделердиң жақтыртқан жолын. Адам болып өмир сүр деп шаршамай, Руҳ берип, аштың көзлерин оның... Нəбада бир ақыл жуўыртса адам Өмир ағымына, дүнья исине, Биймəни тиришилик, бийғам еснеў ҳəм Ыр-гыр тартыс болып туйылар кисиге… Бирақ, адам руҳы, жаны ҳаслында Жойтпас мəңги руҳын, өзиниң нықлығын, Ол ҳəтте жатса да азап астында, Тəрк етпес жақсылық, саўап ықлымын. Жеңер қасарысып, турмас бас ийип, Өлимди жеңиске айландырғыш-ақ. Усы күшли сезим, усы қəсийет, Адам руҳында мəңги қалажақ. АВГУСТАҒА Қараңғылық торын жайып, Ақылымнан адасқанда, Үмит оты сығырайып, Сөниўге шамаласканда, - Жетим руҳым зирдек қағып, Қармаланып қара түнде, Бизге түрли өсек тағып, Нəмəрт қашып, мəрт безгенде, - Сүйген яр да суўып бизден, Кеткениyде аразласып, Тек сен ғана меннен безбей, Турдың бəрҳа нурың шашып. Пəк нураний сəўлең сениң Нəзериндей периштениң. Жаман күнде жол көрсетип, Сен жулдызым болдың мениң. Үстимде булт қойыўласса, 31 Сен жарқырап сəўле шаштың, Нəзериңе ушырасса, Түн серпилип кейин қашты. Аўыр жолда сенин руҳsң, Маған мəдет, атқан таңдур, Жалғыз аўыз сөзиң ушын Путкил дүнья садақамдур. Даўыллар тиккенде қастын, Тек майысқан мəжнүн талcаң. Қəбиримдеги қулпы тастың Қасында да ырғаларсаң ... Download 0.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling