Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
- Bu sahifa navigatsiya:
- ДАЎЫЛ ҲƏМ ТЕҢИЗ ШЕКСПИР
“ҚЫЙҚЫМЛАР” КИТАБЫНАН
Жамғыр куйды гүлдиң устине бирден, Гүл жылады: “Өлгеним бе бийўақыт”. Жамғыр айтты: “Сен емес, мен өлемен, Биреўдиң қайғысы - биреўге бахыт”. * * * “Қашан мийўалаймыз?” - деп налыр гүллер. Мийўа айтар: “Сизиң ишиңизде барман. Қашан солып, қуўрап, ушасыз сизлер, Сонда орныңызда пайда боларман”. * * * Бир жулдыздың ағып, сөнгенин көрип, Пилиги дирилдеп, күлди бир май шам, Түн айтты: “Əй, сорлы, майың таўсылып, Ҳəзир сөнериңди аңламай турсаң”. * * * Кирмесин деп қəтелик ҳəм алжасық, Есикти иштен жаптық тəмби басып. Есик жабық болған соң Шынлық байғус та Ишке кире алмай жүрипти тыста ... * * * 21 Булт ҳəм даўыл ерегисип, урысты бирден, Дүбелей, сел араласып уйтқыды жаман. Ким утқанын айтайын ба бул ерегистен? Утты мəзи гүўилдек самал ... * * * Саяда өседи бир нəренжан гүл, Оған күлди басқа гүллер осамас, “Қалайсаң ғəрибим? Қапа болмағыл”, Деп оннан ҳал сорап, жубатты Қуяш. ДАЎЫЛ ҲƏМ ТЕҢИЗ ШЕКСПИР (1564-1616) Туқым дəн зүрəəт бермеги лазым, Сулыў нəрсе өсип-өнбеги лазым. Шекспир. Уллы драматург Уильям Шекспир 1564-жылы Англияның Эвондағы Стретфорд деген қаласында туўылып, 1616-жылы 52 жасында өлген. Жасында ол Лондонға келип, театрда суфлер болып ислейди. Көп өтпей Шекспирдиң пьесалары Лондондағы “Глобус” театрының сахнасын дүсирлетип, ол өзиниң əжайып трагедиялары менен комедияларын жазады. Шекспирдин, “Гамлет”, “Отелло”, “Ромео ҳəм Джульетта”, “Король Лир” ҳəм басқа да көп трагедиялары, “Асаўға тусаў” усаған комедиялары көп заманлар менен, көп əўладлар менен тил табысып, дүнья театрларының бəринде қоылады. Шекспир соның менен бирге поэмалар жəне сонетлер де жазған. Оның сонетлеринен бир неше үлгилер беремиз. Download 0.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling