Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
РАБИНДРАНАТ ТАГОР
(1861-1941) - Кимсең - дер жақсылық - нураный жүзли? - Мийрим - шəпəəт дер адамлар бизди. Тагор Ҳиндстан жазыўшысы ҳəм жəмийетлик искери Тагор өз шығармаларын бенгал тилинде жазады. Оның шығармалары үлкен гуманнстлик идеялардан руҳланған. Лирикалық қосықларының гражданлық мəниси терең, романтикалық руўҳы көтериңки келеди. Тагор барлық жанрларда өлмес шығармалар дөретти. Оның роман ҳəм повестлери, пьесалары, публицистикалық мийнетлери феодаллық жəне диний кертартпалықларға, адамларды кастаға бөлиўлерге қарсы, ҳаял-қызлардың теңлигин жақлап жазылған. Тагордың империализмге қарсы жазылған публицистикалық шығармалары үлкен əҳмийетке ийе. Əдебият, тил, философия, диний мəселелер жөниндеги Тагордың трактатлары кең белгили. Тагордың “Халық жүреги” деген қосығы Ҳиндистан республикасының, “Алтын Бенгалиям” деген қосығы - Бангладеш Халық республикасының миллий гимни. Р.Тагор өзиниң “Россия ҳаққында хатлар” ында бул жердеги билим-ағартыў, мəденият майданындағы табысларын жоқары баҳалап жазады. ҚАРА ҒУНША Қара гүл ғумшасы деймен мен оны, Аўылында журт оны “қарамық қыз” дер. Ушыраттым далада бир бултлы күни, Көзи тап кийиктиң көзине мегзер. Жүзинде пердеси жоқ еди сонда, Бурымлары узын, кекиллери зер. Қара дер, неси бар қара болғанда? Көзлери кийиктиң көзине мегзер. Еки қара сыйыр жамғырды сезип, Ийесин шақырғандай мөңирер тынымсыз. Гүлдирмама пөстек сабаған гези Сыйыр даўысын еситип үйден шықты қыз. Есимде, қасларын үйип қыз сонда, Топланған бултларға салды бир нəзер, Қара дер, неси бар қара болғанда? Көзлери кийиктиң көзине мегзер. Ырғалды атызларда салы толқыны, Шығыстың жипектей самалы менен, Ҳеш ким ислемеди атызда ол күни, Тек те шел басында турдым жалғыз мен. Маған қыз жалт етип қарады сонда, 20 Үнсиз нəзер менен аңластық бизлер. Оның қай жери кем қара болғанда? Көзлери кийиктиң көзине мегзер. Қара булты усап көзде сүрмеге, Гөззал бəҳəр паслы келмей ме усылай? Тамаль тоғайына қара көлеңке Төсеп, жаз мəўсими күлмей ме усылай? Қараңғы түнлерде йош берип жанға, Усылай туўылмай ма заўықлы сезимлер? Мейли, ол қара қыз, қара болса да, Көзлери кийиктиң көзине мегзер. Қара гүл ғумшасы деймен мен оны, Аўылында не десе, журтта ықтыяр. Майкапар жеринде сол бултлы күни Бул жуп қара көзди ушыратқаным бар, Пердесиз ай еди ол гезде жүзи, Ержетпеген еди еле қыпша бел. Ол шым қара еди, бирақ та көзи Кийиктиң суп-сулыў көзине мегзер. Download 0.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling