Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
- Bu sahifa navigatsiya:
- ЖУРТ КӨНБЕДИ, НЕ ИЛАЖ
КҮНШЫҒЫСТАН ЖАҢА
ҲАЎАЗ АБАЙ (1845-1905) Жүрегиңниң түбине терең бойла, Мен бир жумбақ адамман, оны да ойла. Соқлықпалы соқпақсыз жерде өстим, Мыңға жалғыз жаўластым, гинə қойма. Абай. Уллы ойшыл шайыр Абай (Ибрайым) Қунанбай улы өткен зананда кең даланы гүңиреткен дана сөз шеберлериниң бири болды Ол Семей (Семипалатинск) тəрепте Шыңғыстаў əтирапында туўылған. Абайдың косықларында сол дəўирдеги казақ даласының турмысы, социаллық гүреслер реаль ҳəм оғада шебер жырланады. Абай Пушкин, Байрон, Лермонтов, Гётениң қосықларын қазақшаға биринши аўдарған шайыр. Қарақалпақлар қазақтың уллы ақынының өлеңлерин ертеден ядқа биледи. ЖУРТ КӨНБЕДИ, НЕ ИЛАЖ? Менсинбес едим наданды, Ақылсыз деп қор тутып. Дүзетпек болдым заманды, Өзимди əбден зор тутып. Таппадым көмек өзиме, 67 Көп надан менен алысып. Көнбеди ҳеш ким сөзиме, Турып алды қарысып. Жан шошырлық түринде, Бəри бирдей елирип, Устай алмадым бирин де, Кейин қашты шегинип. Баяғы жолдан ел кетти, Билгишсинди, мақтанды. Ыңыранса күн өтти, “Жарлықа, қудай, жатқанды”. Мен болдырған арықпан, Қатын, бала қонағы. Сенлерге де қанықпан, Журтың анаў баяғы... Жарлы емеспен, зарлыман, Оны да ойла толғанып. Журтым деўге арлыман, Өзге журттан уялып. Мал шабыў менен партия, Бəри мəслик, журт қумар. Елирме, бəри сырғыя, Көп мəскүнем нени уғар? Татыў, тыныш турмысты Жақтрмас, жəнжел болмаса. Урлық, ҳийле, сүмлықты Сағынар кəсип қылмаса. Ел уқбаса нетермен, Шаршадым енди мен есе. Айтып-айтып кетермен, Не илаж, журтым көнбесе? * * * Айнымас дос халықта жоқ, Батырлар тек үйде бар. Алда көрген артта жоқ, Өтирик-өсек, ҳийле бар. Сəл жаңылсаң алжасып, Жақсыңды илмес көзине. Тиймеди деме пайдасы, Тиймегей де өзиме. Пайда қуўып, мақтанып, 68 Сүўмеңлескен бир бəле, Өсек сөзди ақтарып, Сумлық излеп жүр еле. Тыңлар-аў дедим əўелде. Тыңлатыў үлкен күш болды, Жақсы өмирим əўере, Ақыр соңы пуш болды. Дос қабағы томпайып, Гийнешил болып қубылды. Кими тентек, кимде айып, Түсиниў қыйын бүгинде. * * * Жақсылық узақ турмайды, Жаманлық сирə тозбайды. Үмиттиң аты елеўиреп, Қос дизгинди созбайды. Тебинип, қамшыласаң да, Уўайымнан озбяйды. Бир қайғыны ойласаң, Жүз қайғыны қозғайды. Курсаўлы булт ашылмай, Аспанның жүзи көгермес. Алқынған жүрек басылмай, Талаплы кеўил елирмес. Жамалса қайғы қат-қабат, Қаңғыртпай қоймас адамды. Пəс туўысқан - ол да жат, Гүңкилдеп берер сазаңды. Безейин десең ел қымбат, Қəйтсең де өңкей наданды. Сыпыра батыр, тек сымбат, Мақтанып алар мазамды. МУҚИМИЙ (1851-190З) Муҳаммед Əминхожа Муқимий заманында ағартыўшы шайыр болып, өзбек поэзиясында критикалық бағытта терең социаллық мəниде қосықлар жазды, Оның сатиралық қосықлары, “Саяхатнама” атлы жол очерки жанрында жазылған поэмасы халық арасында кең белгили. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling