Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
- Bu sahifa navigatsiya:
- ЖАНЫМ СҮЙГЕН ЖАСЫЛ ТОҒАЙЛАР ЕЛИ...
ВАЖА ПШАВЕЛА
(1861 - 1915) Грузияның таўлы пшав кəўимлеринен шыққан шайыр, қосықларында таў халқының ернинлик сүйиўши руҳын, турмыс өзгешелигин, туўған тəбият көринислерин жырлаған. Важа өз шығармаларында фольклорлык жəне мифологиялық идея менен образларды философиялық ой- пикирде ислеткен. Гурриңлер, драмалық шығармалар да жазған. ЖАНЫМ СҮЙГЕН ЖАСЫЛ ТОҒАЙЛАР ЕЛИ... Жаным сүйген жасыл тоғайлар ели, Көмкерилген көк шөп, дəрьялар менен, Бейиштиң дəл өзи дер едим сени, Сени сүйемен де шын жүрегимнен. Таўда кекилик ушар тыпыршып тынбай, Қустың уйқысындай тынышың кеткен. Сени перзентлериң сүйип жанындай, Сени қайғырыўды шын үрдис еткен. Олар сениң ушын тер менен қаның Тынбай төгип атыр қырғын саўашта. Ал сен адамлардың қайғы əрманын Неге тусинбейсең, жүрегиң тас па? Қайда, қайда сениң сезимтал жаның? Бүркит пəрўазларың сезилмес ҳасла. Терең сыр жасырған асқар таўларың, Көксинде булақлар қайнайды тынбай. Сениң сатқынларың сениң жаўларың Ҳақтың ғарғысына дуўшакер болғай. Таңда күн, ақшам ай ҳəйиўлеп сени, Ғаплет уйқысында бийҳуш қылады. Арагва сарқырап аяқ ушыңда, Иори бас ушыңда желпип турады. Ҳəм ол өз анаңдай бесик тербеткен, - “Ақылы дана болып өс, балам” дейди. 62 “Елдиң, кек-намысын жаўларда кеткен Алып, халық тағдирин шеш, балам”, дейди. Таңғы шық суўына шомылып жайнап, Бəҳəр гүллерине бөлен, туўған жер. Ақ көбикли суўың лепирип қайнап, Əтир гүлдей дөнип түрлен, туўған жер, Бирақ сыртқы шырай, билсең опасыз, Сен оған алданба, сүрме бос қыял. Жүрек пенен жанның сулыўлығысыз Ҳеш қандай гөззаллык таба алмас кəмал. Өйтбесең, өмириңде бар жыйғаныңды Зым-ғайып ушырып əкетер самал. Download 0.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling