Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
ХОШЛАСЫЎ
- Кетпе бул жағаны таслап, жас лезгин, Сонша өз елиңнен аңсадың нени? Таўда ызғар, думан, атың да ҳарғын, Бунда жаның тыныш, панаң бар ҳəм мен - сүйемен сени! Ғайып болғаны ма атқан таң менен Сол бир еки ақшамның ядыгары енди? Қəўендерсиз бир бийшара қызбан мен, Бирақ, тəңирим маған сулыў жан берди, - Жаныңдай сениң! Келген едиң бунда бир сəтсиз күни, Ызғар бурка астында қайғыға батып. Жаңа ашылған гүлдей жас талайымды Қалайша аямай, мени жылатып - Кетесең енди! Айбатлы дəўлердей таў дизбегине Нəзер сал, каныңдай безенген ҳəсем! Көзлериң жаўдырап, соншама неге Еркин татыўлықтан безип, телмиресең - Жат үлкелерге? - Қай жер жайлы, сол жер биз ушын ўатан, Күтер адамым жоқ деп өз елимде, - Өзиң де айттың ғой, сүйиклим маған, Ең болмаса қалшы қасымда бирге - Бир күн, бир заман! - Менде дослар болмас, ўатан да болмас, Жүйрик ат ҳəм полат семсерден басқа. Ышқыңнан бахтияр болғаным ырас, Бирақ, илаж қанша, көз жасың ҳасла - Мени ирке алмас! 55 Қанлы кек жолында болып сергиздан, Қанша жыл жаныма жетирдим қысым. Қашан төкпегенше душпанымнан қан, “Сүйдим” деп айтпаспан, Жуўабым усы, Əпиў ет, жанан! * * * Жайма шуўақ ҳəм жат улкеден Арқа жақтан шыққан нəзерлеп, Жолаўшыңман, əкелдим сəлем, Күн шығыстың сақшысы Казбек. Əжим басқан қарт пешанаңа Əсирлик қар сəллесин шалған, Адамлардың тəкаббыр қыйқаңына Селк етпейсең, кəр етпес саған. Жүректиң жай муңын бирақ та, Алып қашар асқар шыңларың, - Жулдызлары жуўсаған жаққа, Мəнзилине мəңги алланың. Тилегим сол: тартса екен салқын Қапырық дала, шаңлақ жол үсти. Мынаў меңиреў майданда бүгин Тас үстинде тынықсам түсте. Даўыл турып кетпегей деймен, Жаў-жарағын сарта-сурт урып, Түнек Дəрья қыснағында мен Киятырғанда атым болдырып. Бар тағы бир тилегим, бирақ, Аўзым бармас, түршигер жаным! Жүргенде усылай тағдир қуўдалап, Умытса ше мени ўатаным! Кəдимгише ашып қушағын, Қарсы алар жан болар ма барсам, Таныр ма екен дос-яранларым, Мен сорлыны узақ қаңғырған. Я кəбирин ата-бабалардың Жүрермен бе аралап, бир ўақта Жаста айқасып өскен дослардың Туўысқан руҳын басып аяққа. Усы айтқаным шын болса енди, Тас боран қыл мени, Казбек. Үйсиз-күйсиз əрўақ денемди Сайларыңда сүйрет тезирек. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling