Манги булаклар doc
ВАЛТАСАР ПАТШАҒА КӨРИНГЕН ƏРЎАҚ
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
ВАЛТАСАР ПАТШАҒА КӨРИНГЕН ƏРЎАҚ
Менменликке кеўли кетип, Патша отыр алтын тахта, Ҳəмелдарлар куллық етип, Қол қаўсырйр əтирапта. Салтанатлы гүлгин сарай, Бағ-дəўлети асқан еди. Жер бийлеген ярым қудай “Уллы тойды баслаң” деди. Тилла жамда алтын шарап Кеўил тербеп, қыздырды қан, Перилер наз бенен қарап, Саз шертилди нешше əлўан. Ышқы етип, хошлап ўактын, Патша айшыў-əширет қурар. Салтанатлы тəжи-тахты. Көздиң жаўын алып турар... Бир ўақта патша албырап, Қорқып сам-саз болып қалды. Дийўалға тигилип қарап, Бир жат ҳүрей есин алды. Саз тоқтады, тарқап мəслик, Той бузылды ҳəп замматта. Журт қарасты (ай-ҳай, əсилик) Мынадай бир сумлық хатқа: Жуўан бармақ бир отлы қол Алтын тахтың қарсы алдына Жазып атыр дийўалға ол Жан түсинбес сөзди мына... Ең бир ақлы кəмиллер де, Хатқа уңилип сығалады. Менмен деген ўəлийлер де Оқый алмай тубалады. Жер бийлеген ярым қудай Жан жоқ буўын аяғында. Бир жас жөҳут ҳеш тартынбай, Жазыўды оқыды сонда: 32 “Мэни, фекел, фарес!” деген Сөзлер екен бул жазылған. Бул - қуданың елеслеген Ғəзебидур, тақсыр, саған. “Мэни”- монарх, болдың қарап, Дəўран сеннен өтти деген. Фарсылар қолында калан, “Факел” - демиң питти деген, Айтып аўзын жыя алмады-аў, Қол жоғалды, жазыў өшти. Басып кирди сарайға жаў, Патша тахтан қулап түсти... ГЁТЕ (1749-1832) Пүткил адамзаттың қайғы-шадлығын Көтерип жүремен өз жүрегимде. Гёте. Иоганн Вольфганг Гёте Германияның Майн жағасындағы Франкфурт каласында туўылған. Лейпциг университетинде оқыған. Веймар герцогы шайырды өз ҳүкиметине шақырып, оған министрлик лаўазымлар, атақлар береди. Бирақ Гёте көп узамай бул жумысларды, герцогтың ҳурметин таслап, жасырын ат пенен Римге қашып кетеди ҳəм онда өзин толғандырып жүрген шығармаларын жазады. Гётениң поэзиясында терең гуманистлик, философиялық қосықлар, поэмалар, тəбият лирикасы кең орын алады. Ол “Жас Вертердиң жан азабы” атлы сентименталлық роман, пьесалар, театр ҳаққында изертлеўлер жазған, ол тəбаяттаныў илимин заманында терең билген. Уллы немец шайырының шығармалары арасында “Фауст” трагедиясы путкил дүньяға мəлим. Адамгершилик пазыйлетке жəне азат жасаўға болған жалынлы қуштарлыққа толып тасқан бул даңқлы шығарма жержүзилик əдебият ғазийнесинен үлкен орын алады. Download 0.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling