Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
ОТЫРЫП-ТУРЫСЫН КӨРИҢ
Ҳəр жигиттиң ҳаслын билмек болсаңыз, Мерекеде отырып-турысын көриң. Биреў менен əшна яр-дос болсаңыз, Ўəде-ықрарында турысын көриң. Узақ-жақын жолға барар болсаңыз, Мəртликтиң қылышын шабар болсаңыз, Бир бедеўди сайлап алар болсаңыз, Сийнесин, саўырысын, жүрисин көриң. 16 Бир пул түссе бийдəўлеттиң қолына, Көксин ашып гезер қыстың желине. Қарыйдар болсаңыз қызға, келинге, Əдебин-икрамын, отырысын көриң. Ғош жигиттиң ат-жарағы сай болса, Жетисер қай жерде, “ҳайда - ҳай” болса, Өзи Ҳатам болып жəне бай болса, Шар тəрептен мийман келисин көриң. Бир нешшени қылдың малы бисяры, Бир нешшени қылдың бир пулдың зары, Жақсы-жаман ҳəмме адамның бəри Нəўбет пенен өтип барысын көриң. Тəңири бийзар билиң зəкатсыз байдан, Сиз ҳəм қашың зинҳар ол жүрген жайдан. Мəртке бир ис түссе көрер қудайдан, Нəмəрттиң кисиден керисин көриң. Нəмəрт жүрер мудам өлимнен қашып, Үйине келгенде зəҳəрин шашып. Мəрт жигит мийманға қушағын ашып, Намəрттиң жасырынып қашысын көриң. Залымлар умытар зикри алланы, Арзан алып, қымбат сатар ғəллени, Сүтқор бийинсаплар ҳадал тилланы, Ҳарам пайдасына берисин көриң. Ғош жигиттиң иси сəўбет-саз болар, Кеўли қыс болмайын, мудам жаз болар. Жақсының кеўлинде гийне аз болар, Жаманның күнде бир урысын көриң. Қəдирдан қардаштан узақлас болып, Қəдирсиз жат пенен қарындас болып, Мақтымқулы, насазларға дус болып, Хожаның, сейиттиң жүрисин көриң. ҚАЛМАДЫ Бир сөзим бар, айтсам шаҳы-султанға, Дос-яранлар сүрер дəўран қалмады. Дəўлетли беглердиң дүз ҳəреминде Дастурхан кесилип, мийман қалмады. Қайда ғыйбаткешлер өзин дүзетти, Сүтқор дүнья менен тил таўып кетти. Ҳүкими жүргенлер үстемлик етти, Тəңирди ҳақ билген инсан қалмады. 17 Бақыл болған бай атағын көтерди, Пасықлар пəсликте сөзин өтирди. Мийрим-шəпəəтти қарғап питирди, Дəртлиниң дəртине дəрман қалмады. Кимди көрсең, бəри дүньяқор болды, Алымлар илимнен қалды, гөр болды. Ҳəмелдардың бəри парақор болды, Патшада əдиллик пəрман қалмады. Муфти өз сөзине қылмады ҳəмел, Шəриат исине əйледи мəлел. Ел ишине түсти бир қырсық кесел, Қудадан айбынар адам қалмады. Мақтымқулы айтар, өмирим таланды, Қайда сол сəўбетлес досларың енди? Абырай барда тапсыра бер бул жанды. Ҳал сорасар ярыў-яран қалмады. Download 0.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling