Манги булаклар doc


Download 0.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet10/39
Sana28.02.2023
Hajmi0.5 Mb.
#1237555
TuriПоэма
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   39
Bog'liq
mangibul

БИЗГЕ МИЙМАНДУР 
Қара қас астында бадам қабағың,
Кирпигиңниң ниги көзге миймандур.
Келгеннен қызғанба ишкен тамағың,
Нанға мүтəж емес, сөзге миймандур. 
Узақдур мəнзиллер, аўырдур жоллар,
Сорасса жигитлер, сөйлессе тиллер,
Бəҳəрде ашылған рəңберең гүллер
Бир пасыл ашылар, жазға миймандур. 
Не гөззал ҳөнерлер, не сырлы ислер,
Не ҳаўалы жайлар, алтын-гүмислер,
Алтымыш əлўан, жетимиш түрли жемислер,
Ағаштан айрылар, гүзге миймандур. 
Жигиттиң болмаса жарағы, аты,
Соны билиң, жоқдур оның ғайраты.
Қартайсаң билерсең жастың қуўатын,
Жигитликтиң зоры дизге миймандур. 
Азада тутпасаң кеўил мүлкиңди,
Шайтан ара түсип, бузар қулқыңды.
Маба билме жүзиңдеги көркиңди,
Шырай-пəкизелик жүзге миймандур. 
Мақтымқулы, тыңлар ел жоқ сөзиңди,
Сиз-бизлик, сыйласық қалды изинде.
Қанша жасасаң да жердиң жүзинде,
Адам бир бес күнлик дузға миймандур. 


18
АТ ЖАНЫНДА БЕЛЛИДУР 
Ешек өзин кем санамас бедеўден,
Қымбат көрсең, ат жанында беллидур.
Бедеў десең, ҳəмме бедеў тең болмас,
Шын бедеўлер майданында беллидур. 
Жаслығыңда билмес едиң, бег едиң,
Жаманға жақпас ҳеш пəнди-үгитиң.
Ҳаслын сорап нетесең ол жигиттиң,
Əдебинде, икрамында беллидур. 
Көз деген дүньяның көркине тоймас,
Түлкиден жолбарыс болмас, шер болмас,
Жигит десең, ҳəмме жигит бир болмас,
Ғош жигитлер мийманында беллидур. 
Мақтымқулы, ғəриплердиң көз жасы,
Тасларды жандырар кеўил зердеси.
Пақырға жəбир етпек залымның иси,
Рузы-мəҳшер дийўанында беллидур. 
ТАРҚАДЫ 
Əя дослар, сум пəлектиң жəбиринен
Базарымнан зерли маллар тарқады.
Бүлбил қуслар үркип кеўил бағымнан,
Арзыў, үмит, бар қыяллар тарқады. 
Гезермен аўара ҳəм сарсаң болып,
Қəдирим түсип, ишке қайғы-ғам толып.
Бийдəўлет, бузақы елге хан болып,
Жəбир қылды, гөззал еллер тарқады. 
Ғəплет уйқысында жумылды көзлер,
Қымбатына өтти қымбатсыз сөзлер.
Қыста наўрыз келип, қыс болды жазлар,
Дағыстаннан ескен желлер тарқады. 
Мактымқулы, жүрегимде дəрт қалды,
Дəрт үстинен пəлек нəзерин салды,
Ығбал жатты, кеўил ғамға ғарқ болды,
Дəўран жағысынан саллар тарқады. 


19

Download 0.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling