Масъул муҳаррир: Файзиев Шохруд Фармонович, ю ф. д., доцент


УЛЫЎМА БИЛИМЛЕНДИРИЎ МЕКТЕПЛЕРИ МАТЕМАТИКА


Download 4.72 Mb.
Pdf ko'rish
bet28/171
Sana28.08.2023
Hajmi4.72 Mb.
#1670852
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   171
Bog'liq
17.Fizika-matematika

17
УЛЫЎМА БИЛИМЛЕНДИРИЎ МЕКТЕПЛЕРИ МАТЕМАТИКА 
САБАҚЛАРЫНДА МУЛЬТИМЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ
Т.Т.Калекеева 
п.и.ф.д. (PhD), Әжинияз атындағы 
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 
математика оқытыў методикасы кафедрасы 
үлкен оқытыўшысы, илимий басшы
Г.С.Пиржанова
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик 
педагогикалық институты математика оқытыў 
методикасы бакалавр тәлим бағдары 4 курс талабасы 
 Телефон:+998(93)9200341
ktamarat@mail.ru
Аннотация: Мақала улыўма билимлендириў мектеплери математика сабақларында 
мультимедиа қуралларынан пайдаланып оқытыў мәселелерине бағышланган.
Гилт сөзлер: мультимедиа қосымшалары, сайтлар, электрон әдебиятлар, үйретиўши 
видеороликлер, интерактив тапсырмалар ҳ.т.б.
Улыўма билимлендириў мектеплеринде математика сабақларында информациялық 
ҳәм педагогикалық технологияларды биргеликте алып барыў бул оқыў процессиниң 
сыпатының жоқарылаўына, оқыўшылардың математикалық түсиниклерге байланыс-
лы дүнья қарасының артыўына ҳәм оқыўшылардың информациялық технологиялар 
жәрдеминде математикалық билимлериниң артыўына алып келеди. Оқытыўшылардың 
билимлендириўдеги ең тийкарғы машқалаларынан бири оқыў материалларын сыпатлы 
ҳәм қызығарлы көринисте жеткизип бериўде бизге заманагөй мультимедиа технология-
лары жәрдем береди. Билимлендириў тараўында информацион-коммуникациялық техно-
логия қуралларынан кең пайдаланыў ҳәзирги дәўирдиң актуал мәселелериниң бири. Бул 
ўазыйпаларды әмелге асырыўда информацион-коммуникациялық технологияларына бай-
ланыслы билим ҳәм көникпелерин кеңейитиў менен бирге информация ресурсларын да 
сан ҳәм сыпат жағынан көбейтиў яғный мазмунын байытыў зәрүрлигин аңлатады[1,2]. 
Улыўма билимлендириў мектеплеринде математиканы мультимедиа қураллары тийка-
рында оқытыў процесинде предметти компьютер тийкарында толық оқытыў, материал-
ларды редакторлаў оқыўшылардың орынлаған тапсырмаларын анализлеў оқытыўшының 
белгиленген теманы баян етиў услубларын жақсылаў, оқыўшылардың информацион-
коммуникациялық технологияларын мультимедиа қураллары тийкарында жаратылған 
анимация элементлерин сабақ процессинде көриў, еситиў ҳәм пикирлеў имканиятына ийе 
болады. Информациялық технологиялардың мультимедиа қураллары менен ислейтуғын 
оқытыўшылар төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыўы керек деп есаплаймыз:
● сабақ темасына байланыслы материалларды әмелият пенен байланыстырып тапсыр-
маларды таярлаў; 
● методикалық көрсетпелер, қадағалаў ушын сораўлар, дурыс жуўаплар вариантларын 
дүзиў;
● календарь-тематикалық реже, бир саатлық реже дүзиў; 
● оқыўшылардың билимин тексериў ҳәм нәтийжесин қадағалаў;
● ҳәр бир тема бойынша динамикалық көринисте сүўретлениўши процесслердиң ани-
мацияларын таярлаў; 
● өз бетинше ислеген тапсырмалардың сораўлары ҳәм мәселелери ушын мәсләҳат 
бериўди шөлкемлестириў;
● өзлестириўи қыйын болған темаларда оқыўшылар менен сәўбетлесиўлер өткериў 
сыяқлы талаплар қойылады.
Улыўма билимлендириў мектеплеринде математикадан мультимедиа қосымшаларын 
ислеп шығыў ҳәм олардан пайдаланыўда тийкарынан төмендегише машқалаларга дус ке-
леди:
– мультимедиа қосымшаларын ислеп шығыў ҳәм олардан билимлендириў процесинде 


43
17
мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўда билим, көнликпе ҳәм шеберликлердиң жетерли 
емеслиги;
– сабақ процесинде өзлестирилген билимлерин мультимедиа қосымшаларынан 
пайдаланылған ҳалда өз бетинше беккемлеў имканиятының шекленгенлиги;
– сабақ процесинде берилген әдебиятлар(сайтлар, электрон әдебиятлар, үйретиўши ви-
деороликлер, беккемлеў ушын интерактив тапсырмалар ҳәм тестлер сыяқлы оқыў матери-
аллары)ды бир ресурсқа жайластырыў имканияты жақлығы.
Ҳәзирги күнде улыўма билимлендириў мектеплеринде мультимедиалы проекторлар ҳәм 
мониторлар ҳәм де электрон доскалардан пайдаланып сабақлар өтилмекте. Бул қурылмалар 
көринислерди үлкейткен ҳалатта көриў имканиятын береди. Бир ўақытта мультимедиалы 
проектор ҳәм мониторларға әпиўайы компьютер мониторын жалғаўымыз мүмкин. Мульти-
медиалы қолланбаларды биз әмелиятта қолланыўымыз мүмкин болған төмендеги түрлерге 
ажыратамыз[3]: 
1. Сызықлы мультимедиалы тәлим ресурсларынан пайдаланыў – оқыў мағлыўматларын 
избе-из узатыў. Мәселен, оқыўшылар ушын жаңа оқыў материалларын мультимедиа 
қураллары(даўыс, анимация, компьютерли моделлестириў, видео)нан пайдаланып избе-
из көрсетиў. Сызықлы мультимедиа презентациясы – қурамалы графика, видео қолланба, 
даўыслы навигациялы системаға ийе болмаған ҳәрекетли ролик.
2. Гипертекстли мультимедиалы ресурслардан пайдаланыў – мағлыўматларды тәртипсиз 
көрсетиў. Мысалы, электрон энциклопедиялар ямаса интернет ресурсларынан пайдаланыў.
3. Үйретиўши мультимедиалы ресурслардан пайдаланыў – бунда қәнигелер топары 
тәрепинен жаратылған белгили бир изертлеў нәтийжеси болған мультимедиалы өнимлер 
жыйнағы түсиниледи.
4. Жеке мультимедиалы ресурсларды жаратыў – бунда арнаўлы программалардан 
пайдаланыў. Мәселен, Microsoft Power Point ямаса Preze.com программалары имканият-
ларнан пайдаланып мультимедиалы презентациялар жаратыў.
5. Интерактив мультимедиа презентациясы – иерархиялы принцип тийкарында 
системаластырылған ҳәм арнаўлы пайдаланыўшы интерфейси арқалы басқарылатуғын 
мультимедиа компонентлары жыйнағы.
Пайдаланыў мақсетинен келип шығып интерактив презентациялар шәтли түрде 
төмендегише түрлерге ажыратылады[2]:
●элекртон қолланба яки мультимедиалы китап;
●еркин пайдаланыўға рухсат берилетуғын компьютерлер ушын мультимедиа қабығы;
●корпоратив мультимедиалы презентация;
●мультимедиалы каталог;
●үйретиўиш яки тест программасы;
Мультимедиа қурылмаларының ҳәр қыйлы түрдеги аппаратлар менен биргелик-
те қолланылыўы жеке компьютерлердиң ҳәр түрли типтеги информацияларды қайта 
ислеў, сақлаў, усыныў ҳәм узатыў имкаиятларын жетилистиреди. Информацияларды 
қайта ислеўди арнаўлы компьютер программалары арқалы әмелге асырыў компьютерди 
ҳәр қыйлы системалы ўазыйпалар, әмелий тапсырмаларды орынлаў, инсан искерлигин 
информацияластырыў ушын бағдарлаўға мөлшерленген.
Мультимедиа технологиясы ҳәр түрли информациялардың мазмуны ҳәм уйғынлығын 
тәмийинлеген интеграциядан ибарат. Бул компьютер жәрдеминде төмендеги ҳәр қыйлы 
түрдеги информацияларды усыныў имканиятын береди[1]:
●сүўретлер, сызылмалар, карталар ҳәм слайдлардан нусқа алыў арқалы пайда етилген 
көринислер;
● даўыс жазыў, даўыс эффектлари ҳәм музыкалар;
● видео, қурамалы видео эффектлер;
● анимациялар ҳәм анимациялы имитациялар.
Мультимедиа-ресурсларын жаратыў ҳәм олардан пайдаланыў ислеп шығыўшылар, буй-
ыртпашылар, оқытыўшы ҳәм оқыўшылар арасында интерфейсти, сондай-ақ, мультиме-
диа-ресурслары функциясын өзлестириў ҳәм де жетилистириў имканиятын тәмийинлеў 
мақсетинде мультимедиа-ресурсларының мағлыўматлары қолай болып, олардан ҳәм 
бөлимлеринен қайта-қайта пайдаланыў имканиятын береди.
Жуўмақлап айтқанымызда, улыўма билимлендириў мектеплери математика сабақларында 


44
17
мультимедиалы информацион-ресурсларынан пайдаланыў олардың ең өнимли қуралы 
ҳәм тәлим мазмунын байытыўшы факторы екенлиги дәрҳал көзге тасланады. Талап 
дәрежесинде дурыс ислеп шығылған мультимедиа материаллары текстли информацияға 
қарағанда бираз илгерилеп кеткен усыл болып, оқыўшыларда анық ҳәм нәтийжели ментал 
көз қарасты пайда етеди. 
Пайдалыналған әдебиятлар
1. Жумаев Т.С. Мультимедиа тизимлари ва технологиялари // Ўқув методик мажмуа. – 
Т.: «Алоқачи» 2012.
2. Ибрагимова С.Б. Мультимедиали педагогик дастурий воситалар яратиш технологияси 
// Т.: ЎзДЖТИ, 2016.
3. Mayer R.E. A cognitive theory of multimedia learning: implications for design principles 
// Journal of educational psychology, 1999, -358-368 p.


45

Download 4.72 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   171




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling