Медетбаева Азиза Байрамбай қызы Бердақ атындағы Қарақалпақ мамлекетлик университети Юридика факултети 203-топар студентиниң илимий доклад


Download 19.38 Kb.
Sana29.03.2023
Hajmi19.38 Kb.
#1308088
TuriДоклад
Bog'liq
алдаушылык



АЛДАЎШЫЛЫҚ
Медетбаева Азиза Байрамбай қызы
Бердақ атындағы Қарақалпақ мамлекетлик университети Юридика факултети 203-топар студентиниң илимий доклад жумысы

Аннотация: Доклад жумисинда алдаў дегенимиз не екенлиги, алдаўшилиқ, алдаўшилиқ формалари, алдаўшилиқ ушин жаза тайинлаў,алдаўшилиқтин басқа жинаятлардан парқи, акдаўшилиқта қолланилатугин қалбеки ҳужжетлер ҳаққинда соз етиледи.
Тийкарги тусиниклер: Алдаў, алдаўшылық, актив ҳам пассив алдаў, талан-тараж
Алдаў дегенде, буйым-мүлк иеси ямаса буйым-мүлк исенип тапсырылған шахстың өзи оны алдаўшига қәлеген түрде, өз қәлеўи менен бериўине ерисиў мақсетинде, жәбирлениўшини шалгитиў ушын айыплы шахс тәрепинен ҳәр қандай фактти бурмалаў ямаса ҳақыйқатты жасырыў яки биле тура өтирик мағлыўматларды хабар қылыў түсиниледи. Алдаў биринши нәубетте шахстың саналы түрде өзгеге надурыс мағлыўматларды тарқатыўында аңлатпаланады. Алдаў жалатайлық пенен талан-тараж қылыў усылы ретинде айыплының ҳақыйқый мақсетлерине (мысалы, мулкти қайтарып бермеў мақсетинде қарызға алыў); предметке, оның баҳасы,муғдары ҳәм сапасына (реңли металлардан пайдаланған ҳалда алтын буйымлар ретинде ҳәр түрли нәрселер ислеп шығарыў, толық болмаған таварды толық баҳасында сатыў) тийисли болыўы мүмкин. Алдаў, соның менен бирге, жалатайдың шахсы, оның ҳәмели және социал позицияси, кәсибине де байланыслы болыўы мүмкин (мысалы, шахс өзин салық инспексияси жумысшысы ретинде таныстырады ҳәм салық толемлери ретинде пул қаржиларын алады ).
Алдаўшилиқ-алдаў яки исенимди кери максетте пайдаланыу жоли менен озгенин мулкин яки озгенин мулкине болган ҳуқуқын қолга киритиў ушин жинайий жуўапкершилик белгиленген.Жалатайлық, яғный алдаў ямаса исенимди кери мақсетте пайдаланыў жолы менен өзгениң мүлкин ямаса өзгениң мүлкине болған ҳуқықты қолға киргизиў-базалык есаплаў муғдарының елиу есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дузетиу ислери ямаса бир жылдан үш жылға шекем азатлықты шеклеў яки үш жылға шекем азатлықтан айырыу менен жазаланады. Жалатайлық :
а) талай муғдарда ;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип әмелге асырылған болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дузетиу ислери ямаса үш жылдан бес жылға шекем азатлықты шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем азатлықтан айырыу менен жазаланады.
Жалатайлық :
а) көп муғдарда ;
б) тәкираран ямаса қәуипли ретсидивист тәрепинен;
в) хызмет позициясинан пайдаланған ҳалда ;
г) информация системасынан, сондай-ақ информация технологияларынан пайдаланып әмелге асырылған болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дузетиу ислери яки арнаўлы бир ҳуқықтан жуда етилген ҳалда бес жылдан сегиз жылға шекем азатлықтан айырыу менен жазаланады. Жалатайлық :
а) жүдә көп муғдарда ;
б) оғада қәуипли ретсидивист тәрепинен;
в) бирлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп әмелге асырылған болса, —
базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса сегиз жылдан он жылға шекем азатлықтан айырыу менен жазаланады.Жеткизилген материаллиқ зияннин орни қапланган жагдайда азатлиқти шеклеў ҳам азатлиқтан айириў туриндеги жаза қолланилмайди.
Озбекистан Адолат сотсиал демократиялиқ партияси газетасинда алдаўшилиқ ҳам урлиқ бир мақсетке қаратилган еки жинаят деп корсетилген;
“Озбекистан Республикаси Жинаят Кодексинин “Економика тараўындагы жинаятлар”деп аталган ушинши болиминде Кодекстин 168-статяси(Алдаўшили) ҳам 169-статяси (Урлиқ)та оз коринисин тапқан жинаятлар бир мақсетке-озгелер мулкин талан-тараж қилиўга қаратилган.Сол себепли кодекстин Х баби “Озгелер мулкин талан тараж қилиў”деп аталган.Бирақ олардин парқи сонда алдаўшилиқ озгенин мулки яки озгенин мулкине болган
ҳуқуқин алдаў яки исениминен кери пайдаланиў жоли менен амелге асирилса,урлиқ оз ати менен озгенин мулкин жасирин турде талан тараж қилиў”-деп корсетилген.Ен ашинарлиси биреўдин ҳаққинан қорқпаган айрим жерлеслеримиз ҳар еки жинаятти да қорқпастан ислейди-деп жазылган.
Алдаўдын формалари турлише болип,они қалбеки бланкалар,исенимнама,печат,гуўалиқ сияқлилардан пайдаланип амелге асириў мумкин.Алдаўшилиқта жалган маглиўматларга жабирлениўшини алжастириўга алип келиўи мумкин болган ҳарқандай жагдайлар:юридик факт ҳам ўақиялар,мулктин сипати,баҳаси,айипкердин шахси,онин ўакиллиги,ниети(маселен айипкер шахс озин лаўазимли шахс яки ҳуқуқти қоргаў органи хизметкери сипатинда корсетиўи)сияқлылар киреди.Алдаўшилиқта жабирлениўшини алжастириўга қаратилган қасттан исленетугин ҳарекетлер қатарина питим яки толеў предметин қалбекилестириў,қимар ҳам таўекелшиликке тийкарланган басқа ойинларди ойнаў ўақтинда алдаў усилларин қоллаў ҳам басқалар киреди.
Алдаўшилиқта алдаў яки исенимди кери мақсетте пайдаланиў мулкти яки оган болган ҳуқуқти айипкер мулкдарлиги яки иелигине иқтиярий турде беретугин ақил еси путин шахсқа қарата ислеген болиўи шарт.Айипкер тарепинен биле тура ақилий зайип шахсти яки ўақияни анлаў қабилйетине ие болмаган шахсти алдаў ҳам оннан мулкин алиў алдаўшилиқ деп емес балким урлиқ сипатинда квалификация етилиўи лазим. Егер айипкерде озгенин мулкин қолга киритиўге болган қаст мулк алганнан кейин пайда болса,қилмис озгенин мулкин озлестириў яки растрата жоли менен талан тараж қилиў сипатинда квалификация етилиўи лазим.
Жеке шахс тарепинен алдаў яки исенимди кери мақсетте пайдаланип пул,пенсия,напақа яки басқа толемлерди қасттан низамга қарси турде озлестириўи алдаўшилиқ деп квалификация етиледи. Егер алдаўшилиқ жоли менен талан тараж қилинган кархана,шолкемлер мулки суммаси ен кем айлиқ ис ҳақи мугдаринин отиз есесинен аспаса ҳакимшилик жуўапкершилик жузеге келеди.Бундай ҳуқуқбузарлиқ такраран исленгенде де егер талан тараж мугдари ен кем айлиқ ис ҳақи мугдаринин отиз есеинен аспаса ҳакимшилик жуўапкершилик келип шигади .Бунда аз мугдарда талан тараж неше марте исленгенлиги аҳмиетке ие болмайди.
Алдаў усиллари турлише болиўи мумкин.Алдаў аўизеки,жазба болиўи,сондай-ақ озгелер мал-мулкин яки қандайдабир материаллиқ байлиқларин қолга киритиў мақсетинде турли ҳарекетлерди ислеўде (Бир дасте қалбеки пулларди бериў,карта ойнаўда гиррамлиқ жолларинан пайдаланиў,дастурге надурис маглиўматларди киритиў ҳам басқа)белгили бир ҳужжетлерди қалбекилестириўде кориниўи мумкин.
Айипкер алдаўшилиқти амелге асириўда қалбеки ҳужжетлерден пайдаланса онин қилмиси алдаўшилиқ қурами менен қамрап алинади ҳам ол Жинаят Кодекси 209-статяси (Лаўазим қалбекилиги) яки 228-статяси (Ҳужжетлер,штамплар,печатлар,бланкалар таярлаў оларди қалбекилестириў,сатиў яки олардан пайдаланиў)менен қосимша квалификация қилиниўи талап етилмейди.Бирақ алдаўшилиқ ҳарекетлерин ислеў мақсетинде айипкер шахстин ози ҳужжетлер,штамплар,печатлар,бланкалар таярласа,оларди қалбекилестирсе,онин қилмислари жинаятлар жами бойинша Жинаят Кодексинин 168 ҳам 228-статялари менен квалификация қилиниўи лазим.
Жинаят Кодекси 165-статяси (Таўламашилиқ)тан алдаўшилиқ томендегише париқланади:Таўламашилиқта жабирлениўши қорқиў тасири астинда ҳарекет қилади,ерки синдирилган болади,алдаўшилиқта болса алдаў натийжесинде жабирлениўшинин ерки алжастирилади.
Лаўазимли шахс тарепинен ол лаўазим ўакиллиги жоқлиги яки оз хизмет абиройинан пайдалана алмаслиги себепли тийкаринда амелге асира алмайтугин белгили ҳарекет яки ҳарекетсизлик ушин пул,қимбатли қагаз яки басқа материаллық қымбат затларди алыўы ,онда бул қимбатлы затларды алыўга қарата қаст болган тагдирде алдаўшилиқ сипатинда квалификация етилиўи лазим.
Алдаўшылық озгенин мулки қолга киритилген ҳам айипкерде оз ыхтиярына коре талан-тараж қылынган мулкти иелик етиў имканияти пайда болган ўақиттан баслап тамам болган жинаят есапланади.Субйектив тарептен алдаўшылық туўра қаст пенен исленеди,дамегойлик мақсетинин бар екенлиги алдаўшилиқтин зарурий белгиси есапланади.Бул жинаяттин субйекти 16 жасқа толган ақыл еси путин ҳарқандай шахс бола алади.
Алдаўды, жалатайлықтың усылы ретинде төмендеги еки түрге ажыратыў мүмкин: 1) актив алдаў ; 2) актив болмаған алдаў (пассив).
Актив алдаў, өтирик болған мағлыўматларды жеткизиў қуралы жәрдеминде мулкдарды шалгытыуда оз коринисин табады. Мысалы : калбеки ҳүжжетлерди көрсетиў ямаса басқа ҳәрекетлер менен мулкдардын мүлкин айыпкер ийелигине өткериўде жәбирлениўшиде қәте тусиниктин болыуы.
Актив болмаған алдаў (пассив), жәбирлениўшиге юридикалық әҳмиетке ийе фактик жағдайлар ҳаққында айыпкер хабар бериўи шәрт болған, мағлыўматларды айтпау және бул сыяқлы хабарларды жеткизбеўинде оз коринисин табады. Бул сыяқлы жағдайлар нәтийжесинде айыпкерге мулкти берип атырған шахсда, мулкти бериў ушын нызамлы тийкарлар бар екенлигине шалғыўы мүмкин болған жағдайларды түсиниў керек. Мысалы : Мулкдар кайтыс болыуынан алдын адвокатқа өзине тийисли болған мүлкти жақын ағайынлерине өткерип бериў туўрысындағы мағлыўматлардың оның жақын ағайынлерыне айтпастан өз пайдасына өткериў менен байланыслы ҳәрекетлерди ислеуи.
Алдаў шахс тәрепинен өзгениң мүлкин қолға киргизиўге ерисиу мақсетинде исленген болып, мулкти алып қойыў процессинде мүлк иеси ямаса басқа шахс оның түп ниетин сезиб қалған, айыпкер буны анласада, бирақ мүлк иесиниң еркине қарсы түрде мулкти алыўды ямаса устап турыўды даўам еттирген жағдайларда, қылмыс тонаўшылық ретинде квалификатсия етилиўи керек (мысалы, шахс мобил телефонды оның иесинен ўақтынша пайдаланыў ушын сорап алып, кейининен телефонды талан-тараж еткен жагдайда.
Айыпкер тәрепинен талан -таражды жасырыў мақсетинде талан -тараж етилген мүлк орнына басқа, қуни кемрек мүлк алмастырып қойылған жағдайларда да қылмыс талан -тараж етилген мүлк қунынан келип шыққан ҳалда квалификатсия етиледи. Бунда талан -тараж етилген мүлк орнына усыныс етилген мүлк қуни айыпкерден материаллық зиянди ондириў, соның менен бирге жаза түри ҳәм муғдарын белгилеў ўақтинда есапқа алынады.
Алдаўшылық нәтийжесинде алынған, соның менен бирге ис бойынша дәлил болатуғын буйым деп тән алынган жәбирлениўшиге тийисли пул ҳәм басқа қымбатлықлар ЖПК 211-статясы төртинши бандине көре, өз иесине қайтарып берилиўи керек, пул ҳәм басқа қымбатлықлар олар иесиниң ғайраты менен, биле тура, пара предмети ретинде берилген ҳаллар буган кирмейди. Пул ҳәм басқа қымбатлықлар табилмаган жағдайларда олардың суммасы ямаса пул бирлигиндеги қуни суд тәрепинен жәбирлениўши пайдасына ондириледи.

Пайдаланилган адебиятлар:
1.Озбекистан Республикаси Жинаят Кодекси;
2.Озбекистан Республикаси Жинаят Кодексине Шарх 2-Том;
3.Адолат сотсиал демократиялиқ партияси газетаси;
4.Адвице.уз сайти;
5.Озбекстан Республикаси Олий Суди Пленуминин Қарари “Алдаўшылыққа байланисли ислер бойынша суд амелияти” ҳаққында;
6.Жинаят ҳуқуқы курси 4-том;
7.Рустамбоев Жиноят ҳуқуқи махсус қисм Тошкент 2003;
8.Жиноят ҳуқуқи Махсус қисм дарслик Адолат-2007;
9.Озбекистон Республикаси ИИВ Академия Жиноят Ҳуқуқи Махсус қисм Ш.Т.Икрамов Тошкент 2016
Download 19.38 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling