Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet9/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

4. Бириккен сөзлер. Еки ямаса оннан да артық сөзлердиң өз-ара тығыз 
биригиўинен жасалады. Көпшилик жағдайда бириккен сөзлердиң компонентлери 


өзгериске ушырап қолланылады. Мысалы билезик, (билек-жүзик), быйыл (бул -
жыл).
Қарақалпақ тилинде бириккен сөз формасында көбинесе мәнили сөз шақаплары 
қолланылады. Атқосшы, айғабағар.
5. Қысқарған сөзлер. Сөзлердиң қысқарып биригиўинен жасалады. Қарақалпақ 
тилинде қысқарған сөзлер орыс тилиниң тәсири арқасында пайда болды. Мысалы 
колхоз, совхоз. Қысқарған қоспа сөзлер: а) тек биринши буўынның қысқарыўынан 
педфак; б) дәслепки ҳәриплердиң биригиўнен ҚМУ, АҚШ; в) биринши сөздиң 
қысқарып екиншисиниң толық алыныўынан: пединститут е) аралас формада: лавсан
3) Сөз қосылыў ҳәм аффиксация усылы. Айрым сөз дизбеклери сөз жасаўшы 
морфемалардың жәрдеми менен қоспа сөзге айланады. Бунда тийкарғы хызметти сөз 
жасаўшы морфемалар атқарады: үшмүйеш-үшмүйешлик, бес жыл-бес жыллық. Сөз 
жасаўдың бул усылы морфология-синтаксислик усыл деп те аталады.
4) 
Аббревиация усылы -бул сөзлерди қысқартыў арқалы сөз жасаўдың бир түри. 
Ол арқалы бир сөз ямаса сөз дизбеги қысқартылып айтылады. Мысалы маг 
(магнитафон), физра(физкультура). Сондай-ақ адам атларының қысқартылып 
айтылыўы да усы усылға киреди. Мәселен: Гуля, Мәке, Әйеке.  
Морфемалық емес усыл. Бул усыл екиге бөлинеди: 1) лексика-семантикалық, 2) 
лексика-синтаксислик 
1. Лексика-семантикалық усыл. Бул усыл арқалы сөз өзиниң морфемалық 
қурамын өзгертпестен-ақ басқа сөз шақабына өтип кетеди. Тил илиминде бул усылды 
транспозиция деп те атайды. Мысалы қара сыя (келбетлик). Узақтан қара көринди 
(атлық). Мәнили сөз шақаплары арасында айрым сөзлер лексика семантикалық усыл 
менен атлық, келбетлик алмасық ҳәм рәўишке өте алады. Басқа сөз шақабларының 
атлыққа өтиўи субстантивация деп аталады. Мысалы: күйик (келбетлик), күйик 
(ҒдәртҒ мәнисиндеги атлық). Басқа сөз шақабларының келбетликке өтиўи 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling