Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet1/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)



Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик 
 
университети 
Қарақалпақ тил билими кафедрасы 
«
Ҳәзирги қарақалпақ тили. Морфология»
пәнинен лекция текстлери 
 
 
 
 
 

Дүзиўши: И. Сейтназарова
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
Нөкис – 2006


Биринши тема: Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери. 
Жобасы: 
1. Морфемика-грамматиканың бир бөлими сыпатында. 
2. Морфема ҳәм оның түрлери. 
3. Түбир ҳәм көмекши морфемалар. 
4. Көмекши морфемалардың түрлери: 
а) Сөз жасаўшы морфемалар 
в) Форма жасаўшы морфемалар. 
с) Сөз өзгертиўши морфемалар. 
5. Көмекши морфемалардың жайласыў тәртиби. 
6. Суффикс, постфикс, жалғаў ҳәм аффиксоидлар ҳаққында түсиник.
7. Көмекши морфемалар арасында омонимия, синонимия ҳәм антонимия 
қубылыслары. 
Таяныш түсиниклер. 
Морфемика, морфема, түбир, аффикс, сөз жасаўшы аффикслер, форма жасаўшы 
аффикслер, сөз өзгертиўши аффикслер, омоним, синоним, антоним аффикслер. 
Морфемика морфологияның айрықша бир бөлими болып, сөзлердиң ең киши 
мәнили бөлеклери болған, морфема оның түрлери, мәнилери, хызметлери, өз-ара 
байланыслары ҳаққындағы илим. Морфемика тараўының пайда болыўы морфема 
түсиниги менен байланыслы. Морфема түсиниги менен атамасын илимге киргизген 
рус-поляк илимпазы Бодуэн де Куртенэ болып есапланады. Оның пикиринше бул 
атаманы «артықша» деп есаплаў улыўмаластырыўшы дарақ атамасын артықша деп 
есаплаўдың дәл өзи болып емен, қайың, арша сыяқлы жеке атамалар менен шеклениўге 
алып келеди. Демек, морфема улыўмаластырыўшы сыпатқа ийе тил бирлиги болып 
түбир менен қосымталарды бир бирликке жәмлестиретуғын атама. Мысал ушын 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling