Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери
Download 337.05 Kb. Pdf ko'rish
|
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)
өнимсиз морфемалар деп аталады. Мысалы қараўыл, жасаўыл сөзлериндеги -ўыл
морфемасы; -даў//деў белдеў; еке- бәсеке; аң//ең тозаң; ҳ.т.б Қарақалпақ тили аглютинатив тиллер қатарына киретуғын болғанлықтан ондағы сөзлердиң қурамындағы морфемалар белгили бир тәртипте биринен соң бири жалғана береди. Ҳәзирги қарақалпақ тилиндеги морфемалардың сөздиң составында орналасыў тәртиби төмендегише: 1) сөздиң басында биринши болып түбир морфема турады. (егер онда бий, на элементлери болмаса); 2) оның изинен сөздиң лексикалық мәнисин келтирип шығаратуғын сөз жасаўшы морфема ямаса морфемалар жайласады. 3) сөз жасаўшы морфемалардан кейин форма жасаўшы морфема ҳәм оның соңында 4) сөз өзгертиўши морфемалар турады. Мысалы. кейингилеримизденсиз деген сөзди алып қарайық кейин-түбир морфема, -ги келбетлик жасаўшы морфема лер -көпликти I- беттиң көплик түрин көрсетиўши -сөз өзгертиўши морфема, -сиз II бетти билдиретуғын сөз өзгертиўши морфема. Балықшыларымыздан, келетуғынлардан деген мысалларды да усы тәртипте таллаўға болады. Бирақ айрым туўысқанлық мәнидеги атамаларда сөз өзгертиўши морфемалардың жайласыў тәртиби өзгериўи мүмкин: анамлар, апаларым. Сөздиң қурамында қолланылатуғын орнына, мәнисине ҳәм хызметине қарай көмекши морфемалар қарақалпақ тилинде суффикс түбирден кейин жалғанып сөз жасаў ямаса форма жасаў мәнилерин аңлатады: балық-шы-лық, бас-ла-ў, қурал-сыз- лан-дырыў. Қарақалпақ тилиндеги суффикслер түбирдиң жуўан ямаса жиңишкелигине қарай жалғанады: қала-лық, кеше-ги, ал -жақ, -туғын аффикслери тек жуўан түринде қолланылады. Мысалы: бара-туғын, келе-туғын, жаза-жақ, кете-жақ. Гейпара аффикслер түбирди фонетикалық өзгерислерге алып келеди: төк-төгин, ек-егин. Суффикслер сөздиң қайсы сөз шақабына тийисли екенлигин көрсетиўши бөлеги болып хызмет етеди. Мысалы: пада-шы (атлық), китап-ый (келбетлик), самал-ла Download 337.05 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling