Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
V. Физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
V. Физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың
ўəкиллерин қабыллаўды шөлкемлестириў 45. Мəмлекетлик органларда ҳəм олардың қурам бөлимлеринде белгиленген күнлер ҳəм саатларда физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаў шөлкемлестириледи. Физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыл етиў мəмлекетлик орган баслығы ямаса басқа ўəкилликли шахс тəрепинен əмелге асырылады. 46. Мəмлекетлик органда физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери усы мəмлекетлик ор- ган баслығы тəрепинен тастыйықланған кестеге муўапық қабылланады. Мəмлекетлик органларда, зəрүрлик болса, физикалық шах- сларды ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаў ушын өз алдына бөлме ажыратылады. 173 47. Қабыллаў кестелери ҳəм оны өткериў ўақты, орны ҳəм қабыллаўға алдын-ала жазылыў тəртиби ҳаққындағы мəлимлеме, сондай-ақ, қабыллаў тəртиби мəмлекетлик органлардың рəсмий веб-сайтларында жəриялаў, сондай-ақ, олардың ҳəкимшилик имаратында ҳəмме кириўи мүмкин болған орынлардағы стендлерге яки басқа техникалық қуралларға жайластырыў арқалы мəпдар шахслар итибарына жеткериледи. Физикалық шахс аўызша мүрəжат етип атырғанда өз шах- сын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, юридикалық шахстың ўəкили болса – өз ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетти, сондай- ақ, өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетиўи керек. 48. Мүрəжатлар менен ислеў бойынша бөлимше қабыллаўға келген физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаўды, сондай-ақ, физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаўға байланыслы жумысларды шөлкемлестиреди. 49. Мəмлекетлик органда физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаў мүрəжатлар менен ислеў бойынша бөлимше яки тийисли қурам бөлими хызметкерлери қатнасыўында əмелге асырылады. 50. Физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаўшы баслық яки ўəкилликли шахстың көрсетпеси бойынша мəмлекетлик органның басқа хызметкер- лери де қабыллаў процессине қатнастырылыўы мүмкин. 51. Егер физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин жеке қабыллаў ўақтында мүрəжатта баян етил- ген мəселелерди шешиў мəмлекетлик органның ўəкиллигине кирмейтуғыны анықланған жағдайда, оларға мүрəжатта баян етилген мəселелерди шешиў ушын қайсы органға яки шөлкемге мүрəжат етиў кереклиги түсиндириледи. Бунда физикалық шахслардың ҳəм юридикалық шахслар ўəкиллериниң талабы- менен бул туўралы жазба түрде жуўап бериледи. 174 52. Мəмлекетлик органның баслығы яки басқа ўəкилликли шахслары тəрепинен көшпели жеке қабыллаўлар шөлкемлестирилиўи мүмкин. 53. Көшпели жеке қабыллаўлар ўақтында мүрəжатлар ме- нен ислеў бойынша бөлимшениң баслығы ҳəм мəмлекетлик органның басқа жуўапкер хызметкерлери қатнасыўы мүмкин. 54. Көшпели жеке қабыллаўлар мəмлекетлик орган баслығы тəрепинен тастыйықланатуғын кестеге муўапық өткериледи. Зəрүр жағдайларда кестеде нəзерде тутылмаған көшпели жеке қабыллаўлар өткерилиўи мүмкин. 55. Көшпели жеке қабыллаўларды өткериў ўақты, орны ҳəм қабыллаўға алдын-ала жазылыў тəртиби ҳаққындағы мəлимлеме усы Режениң 47-бəнтинде белгиленген тəртипте мəпдар шахслар итибарына жеткериледи, сондай-ақ, жергилик- ли ғалаба хабар қуралларында жəрияланады. 56. Физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслар ўəкиллериниң көшпели жеке қабыллаўлар ўақтында берил- ген аўызша мүрəжатлары усы Режениң 16-бəнтине муўапық рəсмийлестирилип, дизимге алынады ҳəм белгиленген тəртипте көрип шығылады. Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling