3
5)
16-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Усы Конституцияның бирде бир қағыйдасы инсан ҳәм пуқараның ҳуқық ҳәм де
еркинликлерине, Өзбекстан Республикасының ҳуқық ҳәм мәплерине, усы
Конституцияның биринши бөлиминде нәзерде тутылған тийкарғы принциплерге
ҳәм қағыйдаларға зыян тийгизетуғын тәризде түсиндирилиўи мүмкин емес»;
6 )
17-статьяның:
биринши бөлими төмендеги мазмундағы
биринши ҳәм
екинши бөлимлер
менен алмастырылсын:
«Өзбекстан Республикасы халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы
субъекти болып табылады. Оның сыртқы сиясаты инсан ҳуқықлары ҳәм
еркинликлерин ҳүрмет етиў, мәмлекетлердиң суверенли теңлиги, күш қолланбаў
ямаса күш пенен қәўип туўғызбаў, шегаралардың бузылмаўы, мәмлекетлердиң
аймақлық пүтинлиги, келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў, басқа
мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў қағыйдаларына ҳәм халықаралық
ҳуқықтың улыўма тән алынған басқа да принциплери ҳәм нормаларына
тийкарланады.
Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен дослық ҳәм тынышлық сүйгиш сыртқы
сиясатын алып барады»;
екинши бөлим үшинши бөлим деп есаплансын;
7)
18-статья:
төмендеги мазмундағы
биринши ҳәм
екинши бөлимлер менен толықтырылсын:
«Өзбекстан Республикасында инсан ҳәм де пуқараның ҳуқықлары ҳәм
еркинликлери халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына
тийкарланып ҳәм де усы Конституцияға муўапық тән алынады ҳәм кепилленеди.
Инсанның қәдир-қымбаты, тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлери қол қатылмас,
ажыралмас болып табылады ҳәм олар ҳәр кимге туўылғанынан
баслап тийисли
болады»;
Do'stlaringiz bilan baham: