Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet18/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
Нызам жойбары

биринши бөлиминдеги «әдил судлаўды әмелге асырыўда» деген сөзлер алып 
таслансын; 
төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын: 
«Судьяларды алмастырып болмайды. Олардың ўәкилликлери тек ғана нызамда 
белгиленген тәртипте ҳәм тийкарларға муўапық тамамланылыўы ямаса 
тоқтатылыўы мүмкин»; 
екинши – бесинши бөлимлери тийислисинше үшинши – алтыншы бөлимлер 
деп есаплансын; 
алтыншы бөлими алып таслансын; 


18 
51) 116-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«116-статья. Ҳәр кимге қәнигели юридикалық жәрдем алыўға болған ҳуқық 
кепилленеди. Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда юридикалық жәрдем бийпул 
көрсетиледи. 
Тергеўдиң ҳәм суд исин жүргизиўдиң ҳәр қандай басқышында қәнигели 
юридикалық жәрдемге болған ҳуқық кепилленеди. Физикалық ҳәм юридикалық 
шахсларға юридикалық жәрдем көрсетиў ушын ғәрезсизлик ҳәм өзин-өзи басқарыў 
принциплерине 
тийкарланған 
адвокатура 
ҳәрекет 
етеди. 
Адвокатураны 
шөлкемлестириў ҳәм оның искерлиги тәртиби нызам менен белгиленеди. 
Адвокат шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша өз 
кәсиплик ўазыйпаларын әмелге асырып атырғанда оның искерлигине араласыўға 
жол қойылмайды»; 
52) 117-статьяның жетинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Өзбекстан Республикасы Олий 
Мажлисине, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине 
сайлаўды, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы референдумын шөлкемлестириў ҳәм 
өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен жумысының 
тийкарғы принциплери ғәрезсизлик, нызамлылық, коллегиаллық, жәриялылық ҳәм 
әдилликтен ибарат болған Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы 
дүзиледи»; 
53) 122-статья төмендеги мазмундағы үшинши ҳәм төртинши бөлимлер менен 
толықтырылсын: 
«Өзбекстан Республикасында Мәмлекетлик бюджетин ҳәм мәмлекет қарызын 
қәлиплестириў ҳәм де орынлаў тәртиби ашықлық ҳәм жәриялылық принциплери 
тийкарында әмелге асырылады. 
Пуқаралар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары Өзбекстан Республикасы 
Мәмлекетлик бюджетиниң қәлиплестирилиўи ҳәм орынланыўы үстинен 
жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырады. Пуқаралардың бюджет процесинде 
қатнасыў тәртиби ҳәм формалары нызамда белгиленеди»; 
54) 127-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын: 
«Усы Конституцияның 1-статьясының ҳәм усы статьясының екинши бөлиминиң 
қағыйдалары қайта көрип шығылыўы мүмкин емес». 
2-статья. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети: 
ҳүкимет қарарларын усы Конституциялық Нызамға муўапықластырсын; 
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Конституциялық Нызамға қайшы болған 
өз нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўы ҳәм бийкар етиўин 
тәмийинлесин; 
усы Конституциялық Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин 
ҳәм де мәниси ҳәм әҳмийетин халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин. 
3-статья. Усы Конституциялық Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 
күшке киреди. 

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling