Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына
Download 365.51 Kb. Pdf ko'rish
|
Нызам жойбары
53
1 -статья. Ҳеш бир шахс өзиниң мал-мүлкинен судтың шешимисиз айырылыўы мүмкин емес. Мүлкти жәмийетлик мүтәжликлер ушын мәжбүрий түрде басқа шахсқа өткериў нызамда нәзерде тутылған айрықша жағдайларда ҳәм де тәртипте оның орнын алдын-ала ҳәм тең баҳада қаплаў шәрти менен әмелге асырылыўы мүмкин. 11 54-статья. Меншик ийеси мал-мүлкине өзиниң қәлеўи бойынша ийелик етеди, оннан пайдаланады ҳәм бийлик етеди. Мал-мүлктен пайдаланыў қоршап турған тәбийий орталыққа зыян тийгизбеўи, пуқаралардың, юридикалық шахслардың, мәмлекеттиң ҳуқықларын ҳәм де нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаўы тийис. 55-статья. Жер, жер асты байлықлары, суў, атмосфера ҳаўасы, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳәм де басқада тәбийий ресурслар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан ақылға муўапық пайдаланылыўы тийис ҳәм олар мәмлекет мүлкинде болады. Жер нызамда нәзерде тутылған шәртлер тийкарында ҳәм тәртипте жеке меншик те болыўы мүмкин. Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер, тоғай фонды мәмлекетке тийисли болып, исбилерменлик субъектлерине ижара шәртнамалары тийкарында ажыратылады. Тәбийий ресурслардан ақылға муўапық пайдаланылыўы тийис ҳәм олар мәмлекет тәрепинен қорғалады»; 29 ) 56-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: «56-статья. Пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде мәкан-кеңеслер, сиясий партиялар, ҳәрекетлер, ғалаба хабар қураллары, кәсиплик аўқамлары, жәмийетлик фондлар ҳәм шахслардың басқа жәмийетлик бирлеспелери пуқаралық жәмийетиниң тийкарын қурайды, оның мазмунын белгилейди. Олар пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин, демократиялық қәдириятларды қорғаўға, социаллық ҳәм де мәдений мақсетлерге ерисиў ушын көмеклесиўге, жәмийеттиң руўхый ҳәм басқа материаллық емес мүтәжликлерин қанаатландырыўға қаратылған»; 30) 61-статья төмендеги мазмундағы екинши ҳәм үшинши бөлимлер менен толықтырылсын: «Өзбекстан Республикасында нызамда белгиленген тәртипте жумыс алып барып атырған барлық диний шөлкемлер жумысының еркинлигине кепиллик бериледи. Мәмлекет конфессиялардың тыныш-татыў жасаўына кепил болады»; 31) 63 ҳәм 64-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин: «63-статья. Шаңарақ жәмийеттиң тәбийий ҳәм тийкарғы буўыны, халықты сақлап қалыў ҳәм де көбейтиў негизи ретинде жәмийет ҳәм мәмлекеттиң айрықша қорғаўында болады. Неке ҳаял ҳәм ер адамдың ықтыярлы келисимине ҳәм тең ҳуқықлылығына тийкарланады. Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын зәрүр болған социаллық ҳәм экономикалық шараятларды жаратады. Мәмлекет көп балалы шаңарақларға нызамға муўапық жеңилликлер ҳәм социаллық кепилликлер берилиўин тәмийинлейди. Download 365.51 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling