Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet8/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   18
Bog'liq
Нызам жойбары

1
-статья менен толықтырылсын: 
«40
1
-статья. Ҳәр ким саламат ҳәм қолайлы қоршап турған тәбийий орталыққа, 
оның жағдайы ҳаққындағы ҳақыйқый мәлимлемеге ийе болыў ҳәм де өз 
денсаўлығына ямаса мал-мүлкине экологиялық ҳуқықбузарлық себепли 
келтирилген зыянның орны қапланыўы ҳуқықына ийе»; 
19 ) 41-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«41-статья. Ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе. 
Мәмлекет мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияны раўажландырыўға 
көмеклеседи. 
Мәмлекет ҳәр бир баланың улыўма орта билимлендириў шөлкемлерине оқыўға 
кириўи ушын мәжбүрий бир жыллық таярлықтан өтиўге болған ҳуқықына кепиллик 
береди. 
Бийпул улыўма орта билим алыўға мәмлекет тәрепинен кепиллик бериледи. 
Улыўма орта билим мәжбүрий болып табылады. 
Мектеп ислери, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия мәмлекет 
қадағалаўында болады. 
Билимлендириў 
бойынша 
айрықша 
мүтәжликлерге 
ҳәм 
индивидуал 
мүмкиншиликлерге ийе болған балалар ушын билимлендириў шөлкемлеринде 
инклюзив билимлендириў ҳәм тәрбия шөлкемлестириледи. 
Мәмлекет қәбилетли жаслардың материаллық жағдайына қарамастан, 
билимлендириўди даўам етиўине кепиллик береди. 
Мәмлекетке қараслы, жеке ҳәм басқа формадағы билимлендириў мәкемелери 
ҳәм де шөлкемлерин раўажландырыў ушын мәмлекет тең шараятлар жаратады. 
Педагог хызметкерлердиң статусын ҳәр тәреплеме беккемлеў – жәмийет ҳәм 
мәмлекеттиң мақсети ҳәм де жуўапкершиликли ўазыйпасы болып табылады. 
Педагог хызметкерлердиң кәсиплик жумысына араласыўға, сондай-ақ олардың 



хызмет миннетлерин орынлаўына тосқынлық етиўге жол қойылмайды»; 
20) төмендеги мазмундағы 41
1
-статья менен толықтырылсын: 
«41

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling