Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet4/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   18
Bog'liq
Нызам жойбары

26-статья. Жынаят ислегенликте айыпланып атырған хәр бир шахстың иси судта 
нызамлы тәртипте, ашық түрде көрип шығылып, оның айыбы анықланбағанша ол 
айыпкер болып есапланбайды. Судта айыпланып атырған шахсқа өзин қорғаў ушын 
барлық шараятлар тәмийинлеп бериледи. 
Айыпкерликке тийисли барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў 
мүмкиншиликлери тамамланған болса, гүман қылыныўшының, айыпланыўшының 
ямаса судланыўшының пайдасына шешилиўи керек. Нызамды қолланыў 
процесинде 
жүзеге 
келетуғын 
гүманлар 
да 
гүман 
қылыныўшының, 
айыпланыўшының ямаса судланыўшының пайдасына шешилиўи керек. 
Гүман қылыныўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын 
дәлиллеп бериўи шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта үнсизлик сақлаў ҳуқықынан 
пайдаланыўы мүмкин. 
Ҳеш бир шахс өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге мәжбүр 
емес. 
Еркинен айырылған барлық шахсларға қарата инсаныйлық қатнасықта болыў 
ҳәм олардың жеке қәдир-қымбаты ҳүрмет етилиўи керек. 
Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер 
оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болмаўы керек»; 



11) төмендеги мазмундағы 26
1
ҳәм 26
2
-статьялар менен толықтырылсын: 
«26
1
-статья. Ҳәр бир шахс адвокат жәрдеминен өз таңлаўы менен ҳәм де жынаят 
процесиниң ҳәр қандай басқышында пайдаланыў, шахс иркип турылған болса оның 
ҳәрекетлениў еркинлиги ҳуқықы әмелде шекленген ўақыттан баслап пайдаланыў 
ҳуқықына ийе. 
Гүман қылыныўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы айыплаўдың мәниси ҳәм 
тийкарлары ҳаққында хабардар етилиўи, өзине қарсы көрсетпе берген гүўалар 
менен жүзлестирилиўи, өзиниң пайдасына көрсетпе берип атырған гүўалардың 
шақыртырылыўы ҳуқықына ийе. 
Нызамды бузған ҳалда алынған дәлиллерден әдил судлаўды әмелге асырыў 
ўақтында пайдаланыўға жол қойылмайды. 
Ҳуқықбузарлықлардан 
ҳәм 
ҳәкимиятты 
өз 
мәпине 
пайдаланыўдан 
жәбирленгенлердиң 
ҳуқықлары 
нызам 
менен 
қорғалады. 
Мәмлекет 
жәбирленгенлерге әдил судлаўдан пайдалана алыўын ҳәм келтирилген зыян 
компенсация етилиўин тәмийинлейди. 
Ҳәр бир шахс мәмлекетлик уйымлардың ямаса олардың лаўазымлы 
шахсларының нызамға қарсы ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли 
келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыўы ҳуқықына ийе. 

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling