Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet10/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   18
Bog'liq
Нызам жойбары

биринши бөлими екинши бөлим деп есаплансын; 
27) үшинши бөлимниң атамасы төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«ҮШИНШИ БӨЛИМ. ПУҚАРАЛЫҚ ЖӘМИЙЕТИ ҲӘМ ШАХС»; 
28) XII бап төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«XII бап. Жәмийеттиң экономикалық негизлери 
53-статья. Базар қатнасықларын раўажландырыўға бағдарланған Өзбекстан 
экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. Мәмлекет 
тутыныўшылардың ҳуқықларының үстинлигин есапқа алған ҳалда, экономикалық 
искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигине, ҳадал еркин бәсекини, 
меншиктиң барлық түрлериниң ҳуқықый жақтан тең түрде қорғалыўына кепиллик 
береди. 
Жеке меншик қол қатылмас ҳәм мәмлекет тәрепинен қорғалады. 
Мәмлекет экономика тармақларының ҳәм аймақлардың үйлесимли ҳалда 
раўажландырылыўы ушын шараятлар жаратады, сондай-ақ, экономикалық 
ресурслардың әдил түрде бөлистирилиўин тәмийинлейди. 
Мәмлекет исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы исбилерменлик 
орталығын ҳәм инвестициялық орталықты, шараятларды тәмийинлейди. 
Исбилерменлер нызамшылықта қадаған етилмеген ҳәр қандай искерликти әмелге 
асырыўға, өз искерлигиниң бағдарын ғәрезсиз түрде таңлаўға, исбилерменликтен 
шекленбеген муғдарда дәрамат алыўға ҳақылы. 
Өзбекстан Республикасында товарлардың, хызметлердиң, жумысшы күшиниң 
ҳәм финанслық қаржылардың еркин ҳәрекетлениўине кепиллик бериледи. 
Товарлардың, хызметлердиң, жумысшы күшиниң ҳәм финанслық қаржылардың 
ҳәрекетлениўин шеклеўге қаратылған илажлар, егер олар қәўипсизликти, 
адамлардың өмири ҳәм денсаўлығы қорғалыўын, тәбият ҳәм мәдений мийрас 
объектлериниң қорғалыўын тәмийинлеў ушын зәрүр болса, нызамшылыққа 
муўапық енгизилиўи мүмкин. 
Экономикалық искерликте инсапсыз бәсекиге, монополластырыўға жол 
қойылмайды. 
Мәмлекет ийелигинен шығарыў ҳәм меншиклестириў нәтийжелери қайта көрип 
шығылмайды ҳәм де бийкар етилмейди. 

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling