Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet17/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
Нызам жойбары

биринши бөлими алып таслансын; 
екиншиүшинши ҳәм төртинши бөлимлери тийислисинше бириншиекинши 
ҳәм үшинши бөлимлер деп есаплансын; 
46) 103-статьяның үшинши бөлими алып таслансын; 
47) 105-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«105-статья. Баслықты ҳәм өзиниң басқарыў уйымларын сайлайтуғын мәкан-
кеңеслер қалалардағы, посёлкалардағы ҳәм аўыллардағы пуқаралардың өзин-өзи 
басқарыў уйымлары болып табылады. 
Мәкан-кеңеслер мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасына кирмейди ҳәм өз 
ўәкилликлери шеңберинде ғәрезсиз. 
Мәмлекет мәкан-кеңеслер искерлигин әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар 
жаратады, оларға нызамшылықта берилген ўәкилликлерди әмелге асырыўды 
көмеклеседи. 
Мәкан-кеңеслер искерлигиниң ҳуқықый тийкарлары, сондай-ақ мәкан-кеңес 
баслығын ҳәм басқарыў уйымларын сайлаў тәртиби, ўәкилликлери көлеми нызам 
менен белгиленеди»; 
48) 109-статья биринши бөлиминиң
6-бәнтиндеги 
«конституциялық судлаў ислерин жүргизиў әмелиятын 
улыўмаластырыў нәтийжелери бойынша» деген сөзлер алып таслансын; 
7-бәнти төмендеги мазмундағы ҳәм 8-бәнтлер менен алмастырылсын: 
«7) пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың белгили бир исте суд тәрепинен 
оларға қарата қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығын тексериў 
ҳаққындағы шағымларын көрип шығады; 
8) Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары менен берилген 
ўәкиллиги шеңберинде басқа ислерди көрип шығады»; 
49) 111-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«Өзбекстан 
Республикасы 
Судъялар 
Жоқарғы 
Кеңеси 
судьялар 
жәмийетшилигиниң 
суд 
корпусы 
қәлиплестирилиўин, 
суд 
ҳәкимияты 
ғәрезсизлигиниң конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийинлеўши 
ғәрезсиз уйым болып табылады»; 
50) 112-статья

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling