биринши бөлими алып таслансын;
екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлери тийислисинше биринши, екинши
ҳәм үшинши бөлимлер деп есаплансын;
46) 103-статьяның үшинши бөлими алып таслансын;
47) 105-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«105-статья. Баслықты ҳәм өзиниң басқарыў уйымларын сайлайтуғын мәкан-
кеңеслер қалалардағы, посёлкалардағы ҳәм аўыллардағы пуқаралардың өзин-өзи
басқарыў уйымлары болып табылады.
Мәкан-кеңеслер мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасына кирмейди ҳәм өз
ўәкилликлери шеңберинде ғәрезсиз.
Мәмлекет мәкан-кеңеслер искерлигин әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар
жаратады, оларға нызамшылықта берилген ўәкилликлерди әмелге асырыўды
көмеклеседи.
Мәкан-кеңеслер искерлигиниң ҳуқықый тийкарлары, сондай-ақ мәкан-кеңес
баслығын ҳәм басқарыў уйымларын сайлаў тәртиби, ўәкилликлери көлеми нызам
менен белгиленеди»;
48) 109-статья биринши бөлиминиң:
6-бәнтиндеги
«конституциялық судлаў ислерин жүргизиў әмелиятын
улыўмаластырыў нәтийжелери бойынша» деген сөзлер алып таслансын;
7-бәнти төмендеги мазмундағы 7 ҳәм 8-бәнтлер менен алмастырылсын:
«7) пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың белгили бир исте суд тәрепинен
оларға қарата қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығын тексериў
ҳаққындағы шағымларын көрип шығады;
8) Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары менен берилген
ўәкиллиги шеңберинде басқа ислерди көрип шығады»;
49) 111-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Өзбекстан
Республикасы
Судъялар
Жоқарғы
Кеңеси
судьялар
жәмийетшилигиниң
суд
корпусы
қәлиплестирилиўин,
суд
ҳәкимияты
ғәрезсизлигиниң конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийинлеўши
ғәрезсиз уйым болып табылады»;
50) 112-статья:
Do'stlaringiz bilan baham: |