Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet16/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
Нызам жойбары

100-статья. 
Халық депутатлары Кеңеслериниң ўәкилликлери қатарына 
төмендегилер киреди: 
аймақты раўажландырыўдың узақ келешекке мөлшерленген бағдарламаларын, 


16 
район, қаланың бас жобасын ҳәм оны қурыў қағыйдаларын ҳәкимниң усынысы 
менен тастыйықлаў; 
тийисли жергиликли бюджетлерди ҳәкимлердиң усынысы менен көрип шығыў 
ҳәм қабыллаў, бул бюджетлердиң орынланыўы ҳаққындағы есабатларды 
тастыйықлаў; 
жергиликли салықлар ставкаларын ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди 
нызамшылықта белгиленген муғдарлар шеңберинде белгилеў; 
бюджеттен тысқары фондларды қәлиплестириў; 
ҳәкимди ҳәм оның орынбасарларын лаўазымға тастыйықлаў, олардың жумысы 
ҳаққындағы есабатларды тыңлаў; 
нызамшылықта белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте халық депутатларының 
ўәкилликлерин тән алыў ҳәм де мүддетинен алдын тоқтатыў, оларды 
жуўапкершиликке тартыў ушын келисим бериў; 
нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәкимниң шешимлерин тастыйықлаў; 
тийисли прокурорлардың, ишки ислер уйымлары басшыларының, әдиллик 
уйымларының ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымлары басқа бөлимлериниң 
есабатларын тыңлаў; 
ҳәкимниң ҳәм төмен турыўшы халық депутатлары Кеңесиниң Өзбекстан 
Республикасы нызамшылығына муўапық болмаған шешимлерин бийкарлаў; 
нызамда нәзерде тутылған басқа ўәкилликлерди әмелге асырыў. 
101-статья. Ўәлаятлар, районлар, қалалар ҳәкимлериниң ўәкилликлери қатарына 
төмендегилер киреди: 
нызамларды ҳәм де Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының 
қарарларын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң, Министрлер Кабинетиниң 
пәрманларын, қарарларын ҳәм бийликлерин, жоқары турыўшы уйымлардың ҳәм де 
тийисли халық депутатлары Кеңесиниң шешимлерин орынлаў; 
денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, жәмийетлик транспорт системаларының 
нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў; 
аймақларды экономикалық, социаллық ҳәм мәдений жақтан раўажландырыўды 
тәмийинлеўге қаратылған илажларды әмелге асырыў; 
пуқаралардың экономикалық, социаллық ҳәм басқа ҳуқықлары ҳәм де нызамлы 
мәплерин қорғаўға, олардың қәўипсизлигин ҳәм жәмийетлик тәртипти 
тәмийинлеўге тийисли илажларды әмелге асырыў; 
муниципал мүлкти ҳәм жергиликли коммунал хожалығын басқарыў; 
қоршап турған тәбийий орталықтың қорғалыўын тәмийинлеў; 
пуқаралардың бос ўақтын шөлкемлестириў ҳәм мәденият тараўындағы 
хызметлерден пайдаланыўын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыў; 
жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынлаў; 
халық депутатлары Кеңеслерине ўәлаятты, районды, қаланы экономикалық ҳәм 
социаллық тәрептен раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын, ўәлаят ҳәм 
Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң, район ҳәм қала бюджетиниң тийисли 
жойбарларын, сондай-ақ, олардың орынланыўы ҳаққындағы есабатларды усыныў; 
нызамда белгиленген жағдайларда, төменги турыўшы ҳәкимлердиң шешимлерин 
бийкарлаў ҳәм халық депутатлары Кеңесине төменги турыўшы халық депутатлары 
Кеңеслериниң ҳүжжетлерин бийкарлаў ҳаққында усыныс киргизиў; 


17 
республикада ҳәм шет елде ўәлаят, район ҳәм де қаланың рәсмий ўәкили ретинде 
ис жүргизиў; 
нызамда нәзерде тутылған басқа ўәкилликлерди әмелге асырыў»; 
45) 102-статьяның

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling