екинши бөлиминдеги «он» деген сөз «жигирма» деген сөз бенен
алмастырылсын;
үшинши бөлиминдеги «он күн ишинде» деген сөзлер «жигирма күннен
кешиктирмей» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төртинши бөлиминдеги «отыз күн ишинде» деген сөзлер «еки айдан
кешиктирмей» деген сөзлер менен алмастырылсын;
41) 90-статьяның екинши бөлиминдеги «бес» деген сөз «жети» деген сөз бенен
алмастырылсын;
42) 93-статья биринши бөлиминиң:
6 ҳәм 7-бәнтлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«6) Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги ҳәм халықаралық шөлкемлер
жанындағы дипломатиялық ўәкиллерин тайынлаў ушын кандидатураларды
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына усынады;
7) ишки ҳәм сыртқы сиясаттың ең әҳмийетли тийкарғы стратегиялық
бағдарларын белгилейди ҳәм де олардың орынланыўына байланыслы мәселелер
бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине мүрәжатлар жоллайды»;
12 ҳәм 13-бәнтлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«12) Өзбекстан Республикасы Бас прокурорын ҳәм де Өзбекстан Республикасы
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорын тайынлайды ҳәм лаўазымынан
босатады, кейин-ала бул мәселелерди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң
Сенаты тастыйықлаўына киргизеди;
13) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына Өзбекстан
Республикасы Конституциялық судының, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
судының қурамына кандидатураларды, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы
Судъялар Жоқарғы Кеңеси баслығы, Өзбекстан Республикасы Орайлық банк
басқармасының баслығы, Өзбекстан Республикасы Есап палатасы баслығы
лаўазымларына кандидатураларды усынады»;
25-бәнти төмендеги мазмундағы 25, 26 ҳәм 27-бәнтлер менен толықтырылсын:
«25) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесин
қәлиплестиреди ҳәм басқарады;
26) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясын, сондай-ақ,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәсләҳәт-кеңес уйымларын ҳәм
басқа уйымларды қәлиплестиреди;
27) усы Конституцияда ҳәм Өзбекстан Республикасының нызамларында нәзерде
тутылған басқа ўәкилликлерди әмелге асырады»;
15
43) 98-статья екинши бөлиминиң:
Do'stlaringiz bilan baham: |