Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet12/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   18
Bog'liq
Нызам жойбары

64-статья. Ата-аналар ҳәм олардың орнын басыўшы шахслар өзиниң балаларын 
ержеткенге шекем бағыўы, олардың тәрбиясы, билими, саламат, толық ҳәм 
үйлесимли жетилисиўи ҳаққында қайғырыўы шәрт. 


12 
Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды ҳәм ата-анасының қәўендерлигинен 
айырылған балаларды бағыўды, тәрбиялаўды, олардың саламат, жетик 
раўажланыўын ҳәм билим алыўын тәмийинлейди, бул бағдардағы қайырқомлық 
жумысын хошаметлейди»; 
32) 65-статьяның екинши бөлими төмендеги мазмундағы екинши, үшинши 
ҳәм төртинши бөлимлер менен алмастырылсын: 
«Баланың мәплери, балалардың толық, физикалық, ақылы жақтан ҳәм мәдений 
раўажланыўы ушын барлық шараятларды жаратыў мәмлекетлик сиясаттың ең 
әҳмийетли тийкарғы бағдары болып табылады. 
Аналық, аталық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады. 
Мәмлекет ҳәм жәмийет балаларда ҳәм де жасларда миллий ҳәм улыўмаинсаный 
қәдириятларға садықлықты, уллы бабаларымыздың бай руўхый мийрасын 
мақтаныш етиў сезимин қәлиплестириў ҳаққында ғамхорлық етеди»; 
33) 70 ҳәм 71-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«70-статья. 
Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасының 
қурамына киреди. 
Қарақалпақстан Республикасы аймағында Өзбекстан Республикасының 
Конституциясында ҳәм де нызамшылығында нәзерде тутылған барлық ҳуқық ҳәм 
еркинликлер кепилленеди. 
71-статья. Қарақалпақстан Республикасы өзиниң Конституциясына ийе. 
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳәм де нызамлары Өзбекстан 
Республикасының Конституциясы ҳәм нызамларына қайшы болыўы мүмкин емес. 
34) 72-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын: 
«Қарақалпақстан Республикасының нызамшылығы Өзбекстан Республикасының 
бирден-бир ҳуқықый системасына киреди ҳәм ол Өзбекстан Республикасы 
нызамшылығының қурамлық бөлими есапланады»; 
35) 74 ҳәм 75-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«74-статья. 
Қарақалпақстан 
Республикасы 
өзиниң 
аймағында 
нызам 
шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятын Өзбекстан Республикасының 
Конституциясына ҳәм де нызамларына, Қарақалпақстан Республикасының 
Конституциясына ҳәм нызамларына муўапық әмелге асырады. 
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан 
Республикасының жоқары лаўазымлы шахсы болып табылады. 
75-статья. 
Өзбекстан 
Республикасы 
Қарақалпақстан 
Республикасының 
социаллық, экономикалық, мәдений, инновациялық тәрептен ҳәр тәреплеме 
раўажланыўы ушын зәрүр финанслық, материаллық, шөлкемлестириў-техникалық 
ҳәм басқа шараятларды жаратады. 
Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик 
ҳәкимиятының нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятының жоқары 
уйымларында өз ўәкиллерине ийе болади»; 
36) 77-статья төмендеги мазмундағы алтыншы бөлим менен толықтырылсын: 
«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты 
бир ўақыттың өзинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, 
жергиликли ҳәкимият ўәкиллик уйымларының депутаты болыўы мүмкин емес»; 
37) 78-статья биринши бөлиминиң


13 
4-бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«4) Өзбекстан Республикасының ишки ҳәм сыртқы сиясатына байланыслы 
мәселелерди көрип шығыў, мәмлекетлик стратегиялық бағдарламаларды 
қабыллаў»; 

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling