Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet9/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   18
Bog'liq
Нызам жойбары

1
-статья. Ҳәр ким мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлеринде таңлаў 
тийкарында бийпул жоқары мағлыўмат алыўға ҳақылы. 
Жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери нызамда белгиленген 
шеңберде өзин-өзи басқарыў, академиялық еркинлик, сондай-ақ изертлеўлер 
өткериў ҳәм оқытыў еркинлиги ҳуқықына ийе. 
Мәмлекет илим-пәнди раўажландырыўға, жәҳән илимий жәмийетшилиги менен 
илимий байланыслар орнатыўға көмеклеседи»; 
21) 42-статьяның биринши бөлиминдеги «илимий ҳәм техникалық» деген 
сөзлер «илимий, техникалық ҳәм көркем» деген сөзлер менен алмастырылсын; 
22) IХ бап төмендеги мазмундағы 42
1
-статья менен толықтырылсын: 
«42
1
-статья. Мәмлекет дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў, балалар ҳәм 
де жасларды руўхый ҳәм әдеп-икрамлық тәрептен тәрбиялаў ушын зәрүр шараятлар 
жаратады»; 
23) 43 ҳәм 44-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«43-статья. Инсан ҳәм пуқараның ҳуқық ҳәм де еркинликлерин тәмийинлеў 
мәмлекеттиң жоқары мақсети болып табылады. 
Мәмлекет инсан ҳәм пуқараның Конституцияда ҳәм де нызамларда беккемлеп 
қойылған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлейди. 
Ҳәр бир шахс өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық 
усыллар менен қорғаўға ҳақылы. 
44-статья. Ҳәр кимге өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, 
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы 
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен 
судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди. 
Ҳәр бир шахс өзиниң бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин қайта тиклеў ушын өз 
иси ўәкилликли, ғәрезсиз ҳәм де қалыс суд тәрепинен ақылға сай мүддетлерде, 
теңлик, тартысыў ҳәм әдиллик принциплери тийкарында көрип шығылыўы 
ҳуқықына ийе. 
Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық 
шәртнамаларына муўапық өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм де нызамлы мәплери 
қорғалыўы ушын инсан ҳуқықлары бойынша миллий ҳәм халықаралық 
институтларға мүрәжат етиўге ҳақылы»; 
24) 45-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын: 
«Мәмлекет халықтың социаллық тәрептен мүтәжлиги бар тайпаларының турмыс 
сапасын арттырыўға, оларға жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында басқа пуқаралар 
менен тең түрде қатнасыў ушын шараятлар жаратыўға ҳәм де олардың тийкарғы 
турмыслық мүтәжликлерин ғәрезсиз түрде тәмийинлеў мүмкиншиликлерин 
кеңейтиўге қаратылған илажлар көреди»; 
25) 49-статьяның екинши бөлими төмендеги мазмундағы екинши ҳәм 
үшинши бөлимлер менен алмастырылсын: 
«Тарийхый, руўхый, мәдений ҳәм тәбийий мийраслар мәмлекет тәрепинен 


10 
қорғалады. 
Мәмлекет ҳәм жәмийет миллий қәдириятларды қорғаў, Өзбекстан халқының 
руўхый ҳәм мәдений мийрасының үзликсизлигин тәмийинлеў ҳаққында ғамхорлық 
етеди»; 
26 ) 52-статья
төмендеги мазмундағы биринши бөлим менен толықтырылсын: 
«Ўатанға болған садықлық муқаддес есапланады»; 

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling