Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet5/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   18
Bog'liq
Нызам жойбары

26
2
-статья. 
Ҳеш ким әйне бир ҳуқықбузарлық ушын еки мәрте 
жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес. 
Ҳеш бир шахс әмелге асырылған ўақытта ҳуқықбузарлық деп табылмаған 
қылмыс ушын жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес. 
Қылмыс ушын жазаны бийкар ететуғын ямаса жеңиллестиретуғын нызам изге 
қайтыў күшине ийе. 
Жуўапкершиликти белгилейтуғын ямаса аўырластыратуғын нызам изге қайтыў 
күшине ийе емес. 
Ҳеш бир инсан рәсмий түрде жәрияланбаған нызамға тийкарланып ҳүким 
етилиўи, жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса қандайда-бир ҳуқықынан 
айырылыўы мүмкин емес»; 
12) 27 – 30-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«27-статья. Ҳәр бир инсан жеке турмысының қол қатылмаслығы, жеке ҳәм 
шаңарақлық сыры, өзиниң ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатының қорғалыўы 
ҳуқықына ийе. 
Ҳәр ким өз шахсына тийисли мағлыўматларды қорғаў ҳуқықына ийе. 
Ҳәр бир шахс жазыспаларды, телефон ҳәм басқа телекоммуникация 
курылмалары арқалы сөйлесиўлерди, почта-телеграф жөнелтпелерин ҳәм де басқа 
хабарларды әмелге асырыў еркинлиги ҳәм олардың сыр сақланыўы ҳуқықына ийе. 
Бул ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамда белгиленген жағдайларда ҳәм 
тәртипте, судтың шешимине тийкарланып жол қойылады. 
Ҳәр ким турақ жайына қол қатылмаслық ҳуқықына ийе. Судтың шешимисиз 
турақ жайдан айырылыўына жол қойылмайды. 
Ҳеш ким шахстың турақ жайына ямаса басқа мал-мүлкине нызамда нәзерде 
тутылғанынан басқаша жағдайда ҳәм тәртипте кириўге, тинтиў өткериўди ямаса 
көзден өткериўди әмелге асырыўға ҳақылы емес. 



28-статья. Өзбекстан Республикасы аймағында нызамлы тийкарларда болып 
турған ҳәр бир шахс республика аймағы бойлап еркин ҳәрекетлениў, турар ҳәм 
жасаў орнын еркин таңлаў ҳуқықына ийе, буған нызамда белгиленген шеклеўлер 
кирмейди. 
Ҳәр ким республикадан тысқарыға шығыў ҳуқықына ийе. Өзбекстан 
Республикасы пуқаралары Өзбекстанға тосқынлықсыз қайтыў ҳуқықына ийе. 

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling