Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet3/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   18
Bog'liq
Нызам жойбары

биринши ҳәм екинши бөлимлери тийислисинше үшинши ҳәм төртинши 
бөлимлер деп есаплансын; 
8) 20-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«20-статья. Пуқара өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўда басқа 
шахслардың, жәмийет ҳәм де мәмлекеттиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы 
мәплерине зыян тийгизбеўи шәрт. 
Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери тек нызам менен ҳәм басқа шахслардың 
ҳуқық ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ жәмийет қәўипсизлигин ҳәм тәртибин 
тәмийинлеў ушын зәрүр болған шеңберде шеклениўи мүмкин»; 
9 ) 22-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«22-статья. Өзбекстан Республикасы өз аймағында да, оның тысқарысында да 
өзиниң пуқараларын қорғаў ҳәм оларға қәўендерлик көрсетиўге кепиллик береди. 
Өзбекстан Республикасы пуқарасы Өзбекстаннан тысқарыға шығарып 
жиберилиўи ямаса басқа мәмлекетке берилиўи мүмкин емес. 
Мәмлекет сырт елде жасап атырған пуқаралар ҳәм ўатанласлар менен 
байланыслардың сақланып қалыўы ҳәм де раўажланыўы ҳаққында ғамхорлық 
етеди»; 



10 ) 2425 ҳәм 26-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«24-статья. Жасаў ҳуқықы ҳәр бир инсанның ажыралмас ҳуқықы болып, нызам 
менен қорғалады. Инсанның өмирине қол қатыў ең аўыр жынаят болып табылады. 
Өзбекстан Республикасында өлим жазасы қадаған етиледи. 
25-статья. Ҳәр ким еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе. 
Ҳеш ким нызамға тийкарланбаған ҳалда иркиўге алыныўы ямаса қамақта 
сақланыўы мүмкин емес. 
Иркип турыўға, қамаққа алыўға ҳәм қамақта сақлаўға ямаса еркинликти басқаша 
түрде шеклеўге тек ғана судтың шешимине муўапық жол қойылады. Шахс суд 
шешим қабыл етпегенше қырық сегиз сааттан көп мүддет иркип турылыўы мүмкин 
емес. Егер иркип турыў ямаса еркинликти басқаша түрде шеклеў ҳаққындағы 
шешим белгиленген мүддетте суд тәрепинен қабыл етилмесе, шахс тезлик пенен 
азат етилиўи керек. 
Шахсты иркип турғанда оның ҳуқықлары ҳәм иркип турыў тийкарлары оған 
түсиникли тилде түсиндирилиўи керек. 
Ҳеш ким шәртнамалық миннетлемелерди орынлай алмағанлығына тийкарланып 
жынайый жуўапкершилликке тартылыўы мүмкин емес. 
Ҳеш ким қыйнаўларға салыныўы, күш жумсаўға, басқа аяўсыз, инсанға жат 
ямаса инсанның қәдир-қымбатын кемситиўши ҳәрекетке ямаса жазаға дуўшар 
етилиўи мүмкин емес. 
Ҳеш кимде оның келисимисиз медициналық, илимий ҳәм басқа тәжирийбелер 
өткерилиўи мүмкин емес. 
Ҳәр бир инсан өз шахсын еркин раўажландырыў, нызам менен қадаған етилмеген 
ҳәм де басқа шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин бузбайтуғын ҳәр қандай 
ҳәрекетти әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Нызамда белгиленбеген миннетлеме ҳеш 
кимге оның келисимисиз жүклениўи мүмкин емес. 

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling