Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына
Download 365.51 Kb. Pdf ko'rish
|
Нызам жойбары
- Bu sahifa navigatsiya:
- 32-статья
- 35-статьяның биринши бөлиминдеги
- IX бап. Экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық ҳуқықлар »; 16) 36-статьяның биринши бөлими
29-статья. Ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги ҳуқықына ийе. Ҳәр ким
өзи қәлеген мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыў ҳуқықына ийе. Ҳәр ким Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына кириў ҳәм оннан еркин пайдаланыў ҳуқықына ийе. Усы ҳуқықларды шеклеўге тек ғана әмелдеги конституциялық дүзимди, басқа шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм де тәртипти қорғаў, сондай-ақ мәмлекетлик сыр ямаса басқа сыр деп тән алынған мағлыўмат жәрияланыўының алдын алыў менен байланыслы жағдайларда, нызам менен жол қойылады. 30-статья. Мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслар ҳәр кимге өз ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерине тийисли болған нызамшылық ҳүжжетлери, сондай-ақ, ҳүжжетлер, шешимлер ҳәм басқа материаллар менен танысып шығыў мүмкиншилигин тәмийинлеўи шәрт. Ҳәр ким мәмлекетлик уйымларда, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында, жәмийетлик бирлеспелерде, шөлкемлерде өзи ҳаққында топланған мағлыўматлар менен танысыў ҳәм надурыс мағлыўматлардың дүзетилиўин, сондай- ақ нызамға қарсы жол менен топланған ямаса ҳуқықый тийкарларға ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў ҳуқықына ийе»; 13) 32-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: «32-статья. Өзбекстан Республикасының пуқаралары жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўда тиккелей ҳәм де өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе. Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик уйымларды демократиялық түрде шөлкемлестириў, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў жолы менен әмелге асырылады. Мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби нызам менен белгиленеди. Пуқаралардың жергиликли әҳмийетке ийе болған мәселелерди өз мәплеринен, раўажланыўдың өзине тән тарийхый өзгешеликлеринен, сондай-ақ миллий ҳәм руўхый қәдириятлардан, жергиликли үрп-әдетлер ҳәм де дәстүрлерден келип шыққан ҳалда, ғәрезсиз түрде ҳәм нызам шеңберинде шешиў ҳуқықы ҳәм де оны әмелге асыра алыў қәбилети пуқаралардың өзин-өзи басқарыўы деп тән алынады»; 14) 35-статьяның биринши бөлиминдеги «мәкемелерине ямаса» деген сөзлер «мәкемелерине, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына ямаса» деген сөзлер менен алмастырылсын; 15) IX баптың атамасы төмендеги редакцияда баян етилсин: 7 «IX бап. Экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық ҳуқықлар»; 16) 36-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: «Ҳәр ким нызам менен қорғалатуғын мүлкке, соның ишинде интеллектуал мүлкке болған ҳуқыққа ийе»; 17) 37 – 40-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин: «37-статья. Ҳәр ким мүнәсип мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолайлы мийнет шараятларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситилиўлерсиз ҳәм белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан кем болмаған тәризде әдалатлы ҳақы алыў, сондай-ақ жумыссызлықтан нызамда белгиленген тәртипте қорғалыў ҳуқықына ийе. Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары инсанның өзи ҳәм шаңарағы жасаўы ушын жеткиликли болыўы керек. Ҳәмиледарлығы ямаса баласы бар екенлиги себепли ҳаялларды жумысқа қабыллаўдан бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейтиў қадаған етиледи. Ҳәр бир ислейтуғын ҳаял ҳәмиледар болған жағдайда ҳәм туўыў дәўиринде ҳақы төленетуғын дем алысқа ҳәм де жаңа туўылған нәрестени бағыў ушын дем алысқа ямаса баланы перзентликке алыў ушын дем алысқа шығыў ҳуқықына ийе. Жазаны судтың ҳүкимине муўапық өтеў тәртибинен басқаша тәртиптеги мәжбүрий мийнет ямаса нызамда нәзерде тутылғанынан басқа жағдайлардағы мәжбүрий мийнет қадаған етиледи. Мәжбурий мийнеттен ҳәм балалар мийнетиниң ең жаман формаларынан пайдаланыў қадаған етиледи ҳәм де бул нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады. Download 365.51 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling