Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына
Download 365.51 Kb. Pdf ko'rish
|
Нызам жойбары
- Bu sahifa navigatsiya:
- 80-статья : төмендеги мазмундағы 5-бәнт
- 83-статья
- 84-статьяның
15, 16 ҳәм 17-бәнтлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«15) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысы менен Өзбекстан Республикасы Бас министри кандидатурасын көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўының әҳмийетли мәселелери бойынша Бас министрдиң есабатларын тыңлаў ҳәм додалаў, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша ҳәр жылғы баянатын көрип шығыў; 16) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилин (омбудсманды), Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилин сайлаў; 17) Өзбекстан Республикасы Есап палатасының есабатын, Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы ҳәр жылғы Миллий баянатты көрип шығыў»; 38) 80-статья: төмендеги мазмундағы 5-бәнт пенен толықтырылсын: «5) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысы менен Өзбекстан Республикасы Есап палатасының баслығын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў»; 6-бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин: «6) Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Бас прокурорын ҳәм Өзбекстан Республикасының Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорын тайынлаў ҳәм де оларды лаўазымынан босатыў ҳаққындағы пәрманларын тастыйықлаў»; 8-бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин: «8) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысы менен Өзбекстан Республикасының сырт ел мәмлекетлериндеги ҳәм халықаралық шөлкемлер жанындағы дипломатиялық ўәкиллерин тайынлаў ҳәм де оларды лаўазымынан босатыў, сондай-ақ, олардың искерлиги менен байланыслы мәселелер бойынша есабатларын тыңлаў»; 39) 83-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: «83-статья. Нызамшылық басламасы ҳуқықына Өзбекстан Республикасы Президенти, өз мәмлекетлик ҳәкимиятының жоқарғы ўәкилликли уйымы арқалы Қарақалпақстан Республикасы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасының депутатлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ийе. Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды, Жоқарғы суды, Судьялар Жоқарғы Кеңеси ҳәм Бас прокуроры да өзиниң ўәкилликлерине тийисли мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе. Нызамшылық басламасы ҳуқықы нызам жойбарын нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў арқалы әмелге асырылады. 14 Өзбекстан Республикасының сайлаў ҳуқықына ийе болған, жүз мыңнан кем болмаған пуқаралары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы нызамшылыққа байланыслы усынысларын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына нызамшылық басламасы тәртибинде киргизиўге ҳақылы. Нызам жойбарларын, нызамшылыққа байланыслы усынысларды киргизиў ҳәм көрип шығыў тәртиби нызам менен белгиленеди»; 40) 84-статьяның: Download 365.51 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling