Поэмалар «Қарақалпақстан»


Download 1.21 Mb.
Pdf ko'rish
bet9/29
Sana06.11.2023
Hajmi1.21 Mb.
#1750462
TuriПоэма
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   29
Bog'liq
2 5197394174621517486

ПОШША ТОРҒАЙҒА 
 

Сайра әлҳаўада, пошша торғайым,
Саз бенен сәўбетсиз дәўран болар ма.
Шалқортама жатып мен бир тыңлайын,
Сӛйтсем қулағымның қуршы қанар ма.
Даўысыңды бала гезде қаршадай
Кеўлиме мен жазып алып кеткенмен.
Соннан берли сайрап турсаң шаршамай,
Бүгин концертиңе келип жеткенмен.
Май топыраққа аўнап дур-дур силкинсең,
Сен кӛкке шығасаң қайта йошланып.
Туўған жер ышқысы бул йош, мен билсем,
Бул сезимге мениң
кеўлим де қанық. 

Урық арасында, суў жағасында
Талай кӛрдим мен усқынсыз уяңды.
Елестирмес едим қус деп жасымда,
Сүйип тынласам да бийпул намаңды.
Бул сәнсиз жағалық, орпаң топырақ, 
Билдим, екеўмизди, аңласам, жаным,
«Бири жерде, бири ҳаўада шырлап,
Бизди тәрийп етсин» деп жаратқаның.
Енди пәмлеп жүрмен, тӛбемде шырлап,
Неге сени бунша сайрайды десем,
Жалғыз келте налыш намаң менен-ақ
Кеўлиме кӛп сезим қуйған екенсең. 

Ҳасла ӛкинбеймен, балалық изим


Асфальт жол астында қалғанлығына. 
Тозып ески шаңлақ жайымыз бизиң,
Орны пахта атыз болғанлығына.
Ҳәтте мына ҳағлап турған Кегейли
Бир мәҳәл арнасын жаңадан алар.
Мен жүрген соқпақлар қалмасын мейли,
Қалмасын мен ылақ баққан далалар.
Мейли олар қалсын ядымда мениң.
Йошлы халық мийнети жасартсын жерди. 
Заман шадлығына бӛленсин елим,
Уллы ӛзгерислер дәўраны келди.
Қосықлар ӛзгерсин муңсыз ҳеш қандай,
Гӛне кӛринислерди кӛз кӛрмей қалсын. 
Туўған жерге деген инсан ышқындай
Сениң даўысың ғана ӛзгермей қалсын. 

Сайра сен, үрпек бас пошша торғайым.
Ай-ҳай, туўған жердиң ҳаўасы қандай!
Бир шалқама жатып сени тыңлайын, 
Қайтадан жасарып бала болғандай.
Мен қаншелли гӛззал еллер кӛрмедим,
Жер жәннети болған таўлардан ӛттим. 
Қанындай бағларда шағлап жүрмедим,
Қанша бүлбиллерди тыңлап ҳәз еттим.
Мен ҳәммесин сүйдим, қызықты кӛзим, 
Сӛйтип жүрип сағындым бул шадлақты.
Кӛкирегимде сайрап шақырдың ӛзиң, 
Сайраўың кӛп әндийшелер аңлатты,
Сен айттың: «кел, мениң балалық достым,
Ең жақсы намамды сайрап берейин».
Сениң сол қодирең саҳрайы сестиң
Тебирентер ең соңғы демиме дейин. 

Кегейлиниң бойы - дарқан далалық,
Не деген кең сарай - концерт залы бул.
Ҳәмме билетиңди мен сатып алып,
Тыңлайман, сайрай бер сен болып қумбыл. 
Мен де, сен де еркин, ӛрисимиз кең,
Мынаў жер, анаў суў, бәҳәр қуяшы...
Бир топырақта туўып ӛсирген екен
Адамның ўатаны, қустың уясы.
Сайра, достым, әлҳаўада пырпырлап,
Саз бенен сәўбетсиз дәўран болды ма.
Сен кӛкте, мен жерде буншелли шырлап
Сүймегенде, оннан ўатан болды ма! 


 
1-март, 1976-жыл. 

Download 1.21 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   29




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling