Поэмалар «Қарақалпақстан»
ТАШКЕНТЛИ ШАЙЫР ДОСЛАРЫМА
Download 1.21 Mb. Pdf ko'rish
|
2 5197394174621517486
ТАШКЕНТЛИ ШАЙЫР ДОСЛАРЫМА
Жанларыңыз жақын, кеўлимиз ырза, Кӛздиң қарашырын гирбиң шалмағай. Ташкентке табаны тийсе Жолмырза, Таптырмас гүл ишине түскен алмадай. Ӛзим билген «точкаларын» мен ҳә деп, Зыр жуўырып жүрип аралап шықтым. «Бизиң отағасы бармады ма?» деп, Талай телефоннан сорағлап шықтым. Бираў айтты: «Айбек пенен азанда Союздан қайдадур кеттилер» деди, Биреў айтты: Жаңа Миртемир дамла Екеўи жасырынып ӛттилер» деди. Яшен Москва ма, бир жаққа кеткен, Жоқлаўын асырып енди ағамның, Кетип баратырсам, шайхана беттен Күлкисин еситтим Ғафур Ғуламның. Жойтқан жоғымды да сол жерден таптым, Пайт екен шай суўып, әския қызған, Сизге бас қосқан сол балалық ўақтым, Еске түссе еле делебем қозған. Соннан берли сизиң алтын даўраңыз Маған қушақ ашар жатырқамастан, Дослық ҳәм шайырлық гүллери нағыз Кеўил бостанымда жупар ийис шашқан. Жазғы кеште Анҳар бойында әсте Сизлер менен сәйир етсем мен ҳәр ўақыт, Мейли Ташкент болсын, мейли Нӛкисте Сиз бенен кӛрисиў мен ушын бахыт. Досларым, сизлерсиз кеўлим хош болмас, Бәримиз бир бағдың бүлбиллеримиз. Сизден бӛлек илҳам маған йош болмас, Нандай пүтин ығбалымыз, жеримиз. Дәўиримиздиң бәлент минберлеринен Сиз йошланып қосық оқып турғанда, Зор лапызлы ӛзбек қосығы менен Бәрҳа мақтанаман қуўанып сонда. Зульфия оқыса ӛз қосықларын, Пүткил руўҳым менен оны тыңлайман. Ҳәмде азат шығыс ҳаялларының Гӛззаллығын, нәзиклигин аңлайман. Уллы Наўайыдан тартып, бүгинги - Кишкене Абдулланың қосығына дейин - Ӛзбек шъерияты бир дүнья болып, Руўҳымда гүллеп жасайды мениң. Тилеймен шарапқа липлеўин тағы Сиз сақыйлық еткен жәмшийди жамның. Қулағымнан кетпес ҳәм де баяғы Әжайып күлкиси Ғафур Ғуламның.... Ескертиў: Аския – басқы, даўра – отырыспа, мәжлис, Әңҳар – Ташкенттиң ортасынан ағып турған ӛзек, шьерият – поэзия (И.Ю.) |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling