Поэмалар «Қарақалпақстан»
Download 1.21 Mb. Pdf ko'rish
|
2 5197394174621517486
ДАЛА ГҤЛИ
Жаўдырасып жүрегимниң тӛринде Ырғалар бахтымның роза гүллери. Күйремес ол саратанның күнинде, Солдыра алмас жабайы дүз желлери. Туўған жерге ышқым суў берер оған, Жапырақларын үмит таңларым жуўар. Күндиз ол доланып қуяш нурынан, Ақшам жулдызлардың аңсары аўар... Республикам! Мен сол шәменнен сайлап, Қызыл гүл әкелдим тойың ўақтына, Азат халықлар аўқамында гүл жайнап, Мәңги шадланғайсаң мениң бахтыма. Мудам ақ болсын деп несип-ығбалың, Ақ гүллерден шашыў шаштым тойыңа. Мийнет заўқы менеп жайнап жамалың, Уллы дослық қуўат берсин бойыңа. Сары гүл дегениң запыран түсли, Ҳеш кимге бермейин, ӛзимде қалсын. Қулпырып сарғайған қумлардың үсти, Дос күлип, душпаның сарғайып талсын. Шақыр алтын тойға, жай кең дастурқан, Пүткил Ўатан келсин, келсин досларың. Шағлай бер советлик автономиям, Мақтанышлы Қарақалпақстаным! Декабрь, 1974-жыл. ГЕДЕЙЛИК «Дүньяда не жаман—гедейлик жаман, Жүзиң тӛмен етип, коймаслар аман, Атың шығып абырайың артса да, Биздей байғусларға түспеди-аў саяң»,— Деди бир әмеким аўылдан келип, Тыңлай бердим оны зейнимди берип, Ағайин азар да, безери болмас, Аяп кеттим барып аўҳалын кӛрип, Бийшара ырастан әбигер тартқан, Бир басына қанша машақат артқан, Рузыгер машқаласын арқалап, Мал табыў жолында жуўырып жортқан, Бес гектардан зыят ҳәўли-ҳәреми, Бес сыйыр, отыз қой—малым дегени. Бес мың түп ақ терек,- бир ферма таўық, Бес танаптай жоңышқасының кӛлеми. Үй болып соларды бағады екен, Тынбай жанын отқа жағады екен. Ол да аздай үйден жырылған ўақта Совхоз жумысына шығады екен... Дүнья-мал жигиттиң ақылын алған, Ол қаралдй ӛшип, ӛзеги талған. Турмысында рәҳәт жок, тыным жоқ, Кийиниў, ишип-жеў дәстүрден қалған. Ҳәўлиси айланған таўық кораға, Әтирапы толған гүдшек, ураға. Кат-қат гилем, кийиз арша үстинде Бир тӛселмей жатар изейханада. Күн-түн жуўырады малдан күш алып, Баллары оқыўдан «еки», «үш» алып, Ӛрмекши аўына түскен шыбындай, Жигит байғус қалған жипсиз тусалып. Қурдас патлы еди, кеткен азып та, Үйден, малдан бир шығалмай жазыққа, Әкесиниң егип кеткен бағлары Айланыпты мал байлайтын қазыққа. Быйыл жигит бир қыдырып қалмақшы, Бой тиклеп дүньяға нәзер салмақшы. Москваға барғандағы мақсети: Арзанырақ үш-тӛрт гилем алмақшы.., «Гедеймен» дегенин билмеңлер жалған, Қоңсылар сыйлыққа «Москвич» алған. Бул «сорлыда» ҳәтте мотоцикл жоқ, Телевизоры да гӛнерип қалған... «Гезек пада» менен бағып жүр малын, Малға пида етип бир шыбын жанын, Шынында да аяп кеттим жорамның Адам шыдамастай «гедейлик» ҳалын... Айттым оған: «Сондаймысаң еле сен? Бул журистен әжел жетпей ӛлесең. Әкең қуўмай кеткен дүньяны қуўып, Буның рәҳәтин қашан кӛресең? Дүнья қуўып жаслай қаддиң дал болып, Заманың алдында тилиң лал болып. Абырай барда есиңди жый, жоражан, Ӛзиңдағы кетпей турып мал болып! 1973-жыл. Download 1.21 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling