Поэмалар «Қарақалпақстан»
Download 1.21 Mb. Pdf ko'rish
|
2 5197394174621517486
ӘЖИНИЯЗДЫҢ МОНОЛОГЫ
Бир кишкене елдиң шайыры болсам да, Мен уллы ислердиң парқын билгенмен. Тикенекли тар соқпақтан барсам да, Талай үлкен жолдан жүрип кӛргенмен. Кӛргенмен кең гүзар жоллар бойында Еллерди, басқалар барып кӛрмеген. Ҳүрмет кӛрип, мен олардың тойында, Айтысқа түскенмен дилўарлар менен. Халықтың халыққа деген кеўил ханасы Дослық мийманына толыдур бәрҳа. «Бул дүньяның кӛрки адам баласы» Деген сӛз мәнисин билгенмен сонда. Дүнья әўўел бир сум перийзат болып, Ышқы кийиклерин кӛп қуўалатты, Соңыра үмит кӛшким гүл опат қылып, Шексиз ғам-қайғының селине атты. Жүздим жанталасып сел қушағында, Сел емес, әрманлар умманы 1 еди. Заманым—инсанның ҳижран дағында Гүлдей шӛлиркеген заманы еди. Илми—мағрифеттен ҳақыйқат гӛзлеп, Мен сонда Гүмбези Даўўар 2 кӛргенмен. Аҳли данышлардан 3 тәлимат излеп, Талай уллы мәжилислерге киргенмен. Лекин ҳеш мәжилис, ҳеш данышпанның Заман тәдбийрине ақылы жетпеди. Кӛкке жетип налышлары адамның, Жулдызлар жасқанып айдан шетледи. Дүнья дәслеп маған кӛп ўәде еткен Әреби ат минип, дәўран сүрмекти. Соңыра үмит гүлим орып бир шеттен, Орнына ӛкиниш қалўенин екти. Ел серпилип кӛшип ўатан үстинен, Суңқар қус оралды аяқ баўына. Бүлбил үркип қырлы дүпең 4 сестинен, Зағ қонды кеўлимниң Бозатаўына. Аҳ, қырқ ӛрим шашлар, қос-қос бурымлар, Мойныма оралса берер ем жанды! Әттең алма мойын, ақ -билек қоллар Сол шаш пенен артқа қайырып байланды. Наркес кирпик, қумар кӛздиң қарасы Қыз ӛңирин жас пенен жуўғанын кердим. «Бул дүньяның кӛрки адам баласы» Соншелли қорыў-зар болғанын кӛрдим. Дүнья! Айтшы, менде не қаслығың бар? Жуўҳаланып қайда баслаған едиң? Пейлиңди Наўайы, Мақтымқулылар Айтқанда ҳеш қулақ аспаған едим. Маған ўатан бердиң айра түссин деп, Жәнан бердиң ҳижран жапасы менен. Заман бердиң қайғы суўын ишсин деп, Бермедиң ҳеш заўқы-сапасы менен. Маған зибан бердиң журттан зыяда, Қахнус 5 киби гә тирилип, ӛлсин деп. Саз бердиң де келтирмедиң гӛяға, Кӛкирек бердиң зерде толып жүрсин деп. Инсан қайғы-дәртин, дүнья, егерде 1 Умман – теңиз. 2 Гүмбези Даўўар – суў ортасында салынған афсанаўый академия. 3 Аҳли даныш – дана, оқымыслы адамлар. 4 Дүпең – мылтық. 5 Қахнус – әфсанаўий кус (автор). Жылыныўға сондай пайызлы билсең. Тек бир заман ғана мен турған жерде Бул отқа жақынлап ысынып кӛр сен. Мейли, маған артқан дӛҳмет жүгиңди Не шара, кеўлимде кӛтерип ӛтермен. Бирақ, бийўапалық, нәмәртлигиңди Мен ҳәм әўладларға айтып кетермен. Мен сӛнермен, сӛнбес үмит қуяшы, Бир күн дәўран келер инсаниятқа. «Бул дүньяның кӛрки адам баласы» Деп дәртли Зийўарды алысар ядға. 1975-жыл, июнь. СОРША Сонетлер Қапа болсаң ағын суўды жағала, Тасып кетсең әўлийени арала. Нақыл 1 Барлық ҳәм жоқлықтың, шегарасы бул, Усы жерге келип излер жоғалар. «Менсиз дүнья жоқ» деп, асқынған кеўил Бунда сабасына қайта қуйылар. Бунда күлки тынар ғумша ләблерден, Кӛзге жас жуўырар, ақыл албырар. Достың сенсиз үйге қайтар бул жерден, Я ол сен қайтқанда ере алмай қалар. Ӛлимнен ҳеш жүйрик қашып қутылмас, Есаптан жаңылмас, ол ҳеш утылмас. Бирақ ол қаст етип қылса да ҳәмир, - Тек те бир күш оның айтқанын қылмас: Саў болсын гүресшең, шаршамас ӛмир! Бир шыбығы сынса, мың болар саррас. Әжел қурығынан жүйрик қутылмас, Оны ойлап қорықпа, қорық сен мынадан: Сени соңғы жолға узатқан адам Кӛзине алмаса бир қатире жас. Ӛлимиң дәрт салмаса ҳеш бир кеўилге, Жоқламаса сениң орныңды ӛмир: «Бул да ӛтип кетти-аў, байғус, әйтеўир» Деп ойласа қойып атырып гӛрге. Отырыспада еске түссең нағайбыл, Исмиң тирилмесе мысалы бир гүл, Жақсың илинбесе тилге сол гезде; Түсине енгениңде шоршып түсер бир - Бир дос, бир душпаның қалмаса изде,- Демек, сүрмегениң жартыўлы ӛмир. 3 «Ол қайта тирилип келсе еди бир, О, мен кирпик болып оның кӛзине. Кӛрмеген иззетин кӛрсетип не бир. Сыйлар едим шаң қондырмай жүзине. Кешиккен солдаттай, келсе ол кирип, Ярындай аймалар едим-аў сонда» - Дер адам адамды жерлеп атырып ... Бул бийҳуўда ӛкиниш ғой шынында. «Қара хаттан» кейин келген солдат ҳәм Жат кӛринер. Ӛлик тирилген гезде,- Сүйиў түўе, жолай алмассаң оған. Сол ушын суў қайтып ақпайды изге, Бос ӛкиништен кӛре, бир-биримизди Сыйлай билген әбзел биз тиримизде. 4 Жүз елиўге шыққан бир ғарры кӛрдим, «Қандай бахытлы» деп параз еттим мен. Излеп барып таптым ҳәм сәлем бердим, Әлле неге қапа болып кеттим мен: Бесте екен Бердақ туўылған жылы, Ӛзи үш кемпирдиң басына жеткен, Тарас Арал бетке қуўылған жылы, Үш ул кӛрип, кӛлде ол талап еткен. Үшеўи де қартайып ӛлди бирақта, Заманлас, дос-яран кетти жыраққа. Ӛзгерди әўладлар, ӛзгерди заман. Ол түнерип қарар ғарры дараққа. Ғарры шынар турар қурт жеп қуўраған, «Гүўлеп турдым-аў -деп баяғы ўақта». 5 Әфәндини кӛрдим қәбирстанда, Қәдимгише хошўақ, еле ӛлмеген, Ешегин урлаған уры да бунда Қанша аңлыса да еле келмеген ... Ол жерде Ӛмирбек, суфы жолықты, Пийри менен бир мазарды қарап тур, «Бизиң жай пәкизе имарат болыпты, Енди не кемис?» -деп оннан сорап тур. «Енди кемиси тек ӛзиңиз, пийрим ..." Дегенде пир туўлап, гүжирейтти ийнин. Сол айтқандай бизиң Ағаш қуйрық та «Қала болыпты-аў мынаў қойымшылық та» Деген ҳәмелдарға: «Аўа сен келсең, Қала ҳәкими де болажақ ..." деген. 6 Қулпы тасқа жатқан: «Бул жатқан марҳум Қырық күн ӛмир сүрген. Судья болған» ... «Қәте оқып турған шығарман бәлким?» Деп Әфәнди сорар жолаўишылардан. «Қәте емес, бизде бар сондай дәстур: Ӛлерде ҳәммесин еске аласаң. Ӛмириңдеги шадлы демлерди бир бир, Ӛзиңше есаплап, шотқа саласаң. Ӛмириңе есаплар тек сол күнлерди ... Айтты Әфәнди: "Бул даналық неткен! -деп, Нағайбыл елиңизде ӛлсем мен енди,- Сизден илтимасым, айып етпең тек: Қәбириме жазың: "Байғус Әфәнди Дүньяға келмей-ақ ӛлип кеткен" деп ... 7 Атомды кеселге ем етемен деп, Талай доктор ӛз ӛмирин набытлар. Дүньяны адамға кең етемен деп, Сүнгир туңғыйықка космонавтлар. Инсан ӛз ақылына уғрас келместей Тилсим менен ашар дүньяның сырын. Базда ӛз ӛмирин елестирместен, Гӛр аўзынан алып қалар бир-бирин. Адам қандай қыйынлықты жеңбес ол! Дүнья билер оның ақылын, күшин. Тек бир нәрсе ғана қолынан келмес, ол: Ӛз жанын, ӛз ӛмирин аяй билмес ол, Себеби, ӛзи ушын ӛмир сүрмес ол, Адам ӛмир сүрер адамлар ушын. 8 «Шынар, сен қалайша бир жерде турып, Уш жуз жыл жасайсаң? Үйретши маған!» Деп сорадым саясында отырып, Шынар айтты: «Мейли айтайын саған: Сен мени егесең ҳақ нийет пенен, Ал мен жақсылыққа жақсылық ойлап, Тек бәлентке ғана умтылып ӛсемен, Инсанға сая ҳәм гӛззаллық сыйлап. Миллионлаған жасыл жапырақларым Ҳәр таңда күн шуғласына шомылар Ҳәм де бир-бириниң қағар шаңларын. Пазыйлет дәрьясы тамырымды жуўар. Қәлбине орнаса бул айтқанларым, Адам да кӛп жасаў ушын туўылар. 1973-жыл. Download 1.21 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling