Сода өнимлерин өндириў технологиясы


Download 0.65 Mb.
bet7/14
Sana18.12.2022
Hajmi0.65 Mb.
#1026832
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   14
Bog'liq
8-лекция

25-Сүўрет. Пассеттиң қурылысы.

Бул газлер еки орында пайда болған газлер: 1) известканы өртеў печьлеринде СО2 ниң муғдары 35-40 %-ти қурайды; 2) кальциинация печьлеринде СО2-ниң муғдары 90 %-ти қурайды. Еритпе менен углекислый газ араласып, колоннаның тийкарғы өниминиң NaHCO3 шөкпесин пайда етеди. Реакция нәтийжесинде еритпениң температурасы колоннаның ортаңғы бөлиминде 60-65 0С қа шекем көтериледи. СО2 ҳәм NН3-тиң жутылмаған аўысық муғдары газлерди жуўыў колоннасында 2 услап қалынады.
NаНСО3 ның шөкпеси еритпеде қалған аммоний хлориди NН4Сl менен биргеликте колоннаның суўытыў бөлиминен, фильтрлеў ушын ваккум-фильтрге 6 жибериледи, оның жәрдеминде олар ажыратылады. Фильтрден, қурамында аммиагы бар ҳаўа, ҳаўаны жуўыў фильтрлерине 1 жибериледи, ал фильтрат дистилляция колоннасына 7 айдалады, ол жерге сондай-ақ ҳәк суўы қуйылады. Бул жерде 70-80 0С температурада төмендеги реакция кетеди:

Суў пуўлары менен биргеликте айдалатуғын, аммиак, абсорберге қайтарылады, ал СаСl2-ниң қалған еритпеси, NаСl-ниң қалдықлары менен биргеликте канализацияға жибериледи. Ваккум фильтрде жуўылған кристаллық NаНСО3 айланбалы печьке 8 кальцинацияланыўға келип түседи. Печьтиң узынлығы 18 м, диаметри 2,2 м. Алынған массаны ири түйиршиклердиң пайда болыўынан қорғаў ушын, оған кальцинацияланған сода қосылады.
Кальцинация ўақтында пайда болыўшы, тийкарынан СО2-ден ибарат газ, суўыты-лады, шаң тәризли содадан ҳәм басқа араласпалардан тазаланады, кейин карбонизация колоннасына жибериледи.

Каустикалық сода өндириў усыллары


Күйдиргиш натрий – каустик NaOH – мөлдир гигроскоплық масса. Оның салыстыр-ма салмағы 2,13 г/см3, ериў температурасы 318 0С. Күйдиргиш натрий суўда, сондай-ақ этил спиртинде ҳәм глицеринде жақсы ерийди. Мәселен, 100 г суўда 20 0С температурада оның ериўшеңлиги 109 г. Балқытылған NaOH – күшли электролит болып есапланады. Оның балқытпасынан электролизлегенде металлық натрий алынады.

Download 0.65 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling