Сода өнимлерин өндириў технологиясы
Download 0.65 Mb.
|
8-лекция
- Bu sahifa navigatsiya:
- Айрым еллерде кальцинацияланған сода өндириси (жылына/тонна)
Россияда - Березники қаласында сильвинит кәни базасында, бул жерде сильвинит-тен калий хлоридин алыўда өндиристиң шығындысы техникалық ас дузы болып есаплана-ды; Стерилитамак қаласында Ярбишкадак дуз кәни базасында.
Украинада – Лисичанск ҳәм Славянск қалаларында Артемовск-Славянск дуз кәнле-ри базасында, сондай-ақ Крымда-Красноперекопск қаласындағы Сиваш қолтығы (Қара теңиз бассейни) дуз кәнлери базасында. Бизиң Республикамыздағы Қоңырат сода заводы Барсакелмес дуз кәни ас дузын пайдаланады. Барсакелмес дуз кәниндеги ас дузының улыўма запасы 131 млн тоннаны қурайды. Кальцинацияланған сода ислеп шығарыў 2000-жылы 40 млн. тоннандан асып кетти. Оннан қала берсе 1980-жылдан баслап өндиристиң үзликсиз өсиўи байқалмақта, соңғы 20 жыл ишинде 40 % ке өсти. Дүнья жүзи бойынша кальцинацияланған соданы ең көп ислеп шығарыўшы АҚШ болып есапланады, жылына 10 млн. тонна кальцинацияланған сода ислеп шығарылады. Бирақ америка содасы аммиаклы усылда өндирилмейди, ал сода шийки затының тәбийий дереклеринен алынады. Бул сода, аммиаклы усылда алынатуғын содадан әдеўир дәрежеде арзан. Арзан америка содасының пайда болыўы аммиаклы усылда сода өндириўши бир қатар заводлардың жабылыўына алып келди. Жәми жыйналып жылына 2,5 млн. тонна сода ислеп шығарыў қуўатлығына ийе болған заводлар конкуренцияға шыдамай жабылы-ўына туўра келди. Деген менен, кальцинацияланған сода ислеп шығарыў бойынша дүнья жүзинде екинши орында киятырған Қытайда жылына 6,5 млн. тонна кальцинацияланған соданың барлығы дерлик аммиаклы усылда өндириледи. Айрым еллерде кальцинацияланған сода өндириси (жылына/тонна)
1996-жылы кальцинацияланған содаға болған талап 39 млн. тоннаны қурады, ал 2000-жылы 42 млн. тоннаға шамаласты, соның ишинде:
Download 0.65 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling