«Теңлемелер және теңсизликтер системасын графикалық3 усылда шешиў» темасын интерактив


Download 348 Kb.
bet1/4
Sana19.04.2023
Hajmi348 Kb.
#1364924
  1   2   3   4
Bog'liq
ойын сабагы (светафор)


«Теңлемелер және
теңсизликтер системасын графикалық3
усылда шешиў» темасын интерактив
усылда өтіу.


ПЛАНЫ
I-Команда.

1.Теңлемелер системасы қалай дүзиледи ?


2. а) Теңлемелер системасының шешими дегенимиз не ?
б) Системаны шешиў дегенимиз не ?
3. Еки өзгериўшиге ийе теңлемелер системасын графикалық
усылда қалай шешемиз ?
4. Берилген теңлемелер системаларын графикалық усылда шешиң:


II-Команда.

1.Теңсизликлер системасы қалай дүзиледи ?


2. а) Теңсизликлер системасының шешимлери дегенимиз не ?
б) Теңсизликлер системасын шешиў дегенимиз не ?
3. Еки өзгериўшиге ийе теңсизликлер системасын графикалық
усылда қалай шешемиз ?
4 . Берилген теңсизликлер системаларын графикалық усылда
шешиң.
I ҳәм II команда ағзаларына қосымша есаплар.
1. I-Команда: Берилген теңсизликлер системаларын графикалық
усылда шешиң.
2. II-Команда: Берилген теңлемелер системаларын графикалық
усылда шешиң:
I-Команда.

1.Теңлемелер системасы қалай дүзиледи ?


Мысаллар келтириң.
Жуўап: Өзгериўшилерге ийе болған бир неше теңлемелер берилип,сол теңлемелердиң барлық улыўма шешимлерин табыў мәселеси қойылса, онда теңлемелер системасы дүзиледи деп айтылады.
Мысалы: 1) 2)
2. а) Теңлемелер системасының шешими дегенимиз не ?
б) Системаны шешиў дегенимиз не ?

Жуўап: а) Теңлемелер системасындағы ҳәр-бир теңлемени дурыс теңликке айландыратуғын өзгериўшиниң мәнислериниң ҳәр-бир жубы теңлемелер системасының шешими деп аталады.


б) Системаны шешиў—бул оның барлық шешиўлерин табыў ямаса олардың жоқ екенлигин дәлиллеу деген сөз.

3. Еки өзгериўшиге ийе теңлемелер системасын графикалық усылда қалай шешемиз ?


Ж: Еки өзгериўшиге ийе теңлемелер системасын графикалық усылда шешиў ушын бир координаталык системада теңлемелердиң графиклерин жасаў керек ҳәм усы графиклердиң кесилисиў точкаларының координаталарын табыў керек.
4. Мына сызықлы теңлемелер системасын графикалық усылда шешиң:

Шешилиўи:3х+2у=5 теңлемесиниң графигин еки точка бойынша, мысалы (1;1) ҳәм (3;-2) арқалы жасаймыз.(төмендеги сүўрет).

2х-у=8 теңлемениң графигин (2;-4) ҳәм (4;0) точкалары бойынша жасаймыз. (Жоқарыдағы сүўрет). Келип шыққан туўрылар паралель емес,олардың кесилисиў точкасы болып М(3;-2) точкасы хызмет етеди. Демек,(3;-2) –берилген системаның шешими болады.
5. Мына теңлемелер системасын графикалық усылда шешиң.

Шешилиўи: х22=25 теңлемениң графиги болып орайы координаталар басында ҳәм радиусы 5 ке тең болған шеңбер саналады.
У= гиперболасы саналады.

Х











1

2

3

4

6

12

24

У

144

72

48

36

24

12

6

4

3

2

1



Графиктиң тармағын (0;+ ) аралығында жасадық. Бул функция тақ екенлигинен пайдаланып координата басына симитриялы болған тармақты қоса жасаймыз.



Усы графиклерди бир координаталық системада жасап (жоқарыдағы сүўрет ) шеңбер менен гиперболаның кесилисиў точкалары болған А,В,С,D точкаларын табамыз: А(4;3),B(3;4),C(-4;-3),D(-3;-4). Демек берилген системаның шешими мынадай болады: (4;3); (3;4); (-4;-3);(-3;-4).
6. Теңлемелер системасының графикалық усылда шешиң.
< =>
Шешилиўи: < =>
у=х2 теңлемесиниң графиги төбеси координата басында болған парабола болады.
у=2х+3 теңлемесиниң графигин еки точка бойынша,(0;3) ҳәм (-2;-1) точкалары арқалы жасаймыз. Усы еки графикти бир координаталық системада жасап, туўры менен параболаның кесилисиў точкалары болған А,В точкаларын табамыз: А(-1;1), B(3;9).
Демек берилген системаның шешими: (-1;1); (3;9):



Download 348 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling