«Теңлемелер және теңсизликтер системасын графикалық3 усылда шешиў» темасын интерактив
I ҳәм II команда ағзаларына қосымша есаплар
Download 348 Kb.
|
ойын сабагы (светафор)
I ҳәм II команда ағзаларына қосымша есаплар.
Бул қосымша есаплар тахтада ҳәр бир командаға өз алдына шарлар ишине жайластырылады. Ҳәр-бир команда ағзалары тапсырманы орынлап болып, сол шарлар ишиндеги қосымша есапларды биримлеп алып ислейди. Қосымша есапты ислеген командаға қосымша балл қойылады. I-Команда. Қосымша есаплар. Теңсизликлер системасын графикалық усылда шешиң. Шешилиўи : < => С истема қурамына кирген ҳәр-бир еки теңсизликти сәйкес параболалар тармақлары арасындағы тегислик ноқатлары көплиги қанаатландырады. Бирақ системаның биринши теңсизлигин қанатландырыўшы тегислик ноқатлары көплиги менен екинши теңсизлигин қанатландырыўшы тегислик ноқатлары көплигиниң улыўма бөлеги болмағанлығы ушын берилген системаның шешимлериниң көплиги бос көпликтен ибарат болады. Теңсизликлер системасын шешиң. Шешилиўи: у = - х2 парабола хОу тегисликти еки областқа бөледи. у ≤ –х2 теңсизликтиң шешимлер көплиги ординаталар көшериниң терис бағдарын өз ишине алған областтан ибарат. х = -у2 парабола да тегисликти еки областқа бөледи. х ≤ –у2 теңсизликтиң шешимлери көплиги абциссалар көшериниң ярым көшерин өз ишине алган областтан ибарат. Табылған областлардың кесилиспеси өз нәўбетинде берилген системаның шешимлер көплиги болады. (төмендеги сүўрет)
3. Теңсизликлер системасын графикалық усылда шешиң. Шешилиўи: Берилген системаны дәслеп көринисинде жазып аламыз. у ≤ теңсизликти қанаатлантырыўшы тегислик ноқатлары көплигин табыў ушын дәслеп у = функциясының графигин жасаймыз. (у = функциясының графиги у = функция графигин ординаталар көшери бойынша минус бир бирлик параллель көшириўден пайда болады.) у = функция графиги одан төменде жайласқан тегислик ноқатлар көплиги у ≤ теңсизликти, у = -3х + 2 функция графигинен төменде жайласқан ашық поласа ноқатлар көплиги у ≤ -3х +2 теңсизликти қанаатлантырады. Изленип атырған областы төмендеги сүўретте көрсетилген.
Download 348 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling