Тема: Өсимликлерди қОРҒАӮ
Download 17.71 Kb.
|
15 leksiya
Тоғай ресурслары
Тоғай ең әҳмийетли өсимлик ресурсы болып табылады. Тоғайдан ағаш ҳәм басқада шийки затлар өндириледи. Ағаштан қағаз ,жасалма жипек, жасалма жүн, оқ дәри целлюлоза, пластмассалар, спирт, уксус кислотасы ҳ.т.б.өндириледи. Химиялық жол менен қайта ислеў нәтийжесинде 1 куб м ағаштан : 200 кг целлюлоза ямаса 200 кг ақ қағаз, ямаса 200 кг глюкоза, 6000 м целлофан ямаса 5-6 л ағаш спирти, ямаса 20 л уксус кислотасы, ямаса 70 л вино спирти, ямаса 160 км жип ямаса 2 автомобиль шинасына жететуғын резина ямаса 180 жуп галош ислеў мүмкин. Бирақ көпнесе қағаз ислеў санаатында пайдаланылады. Мс: «Нью – Йорк таймс» газитасында бир ҳәптелик санын шығарыў ушын 77 га пихта тоғайын қағазға айландырыў керек. Жер шарындағы биологиялық жақтан актив кислородтың 60% тен асламын тоғайдар ислеп шығарады. Олар экологиялық система менен атмосфера арасындағы кислородтың тең салмақлылығын сақлап турады. Тоғай азонлы пердени де пайда етеди. Бул перде адамлар менен ҳайўанлар ды күшли ультрафиолет нурларынан сақлайды. Тоғайдың жолғыз ағашы 24 саат ишинде үш адам емин еркин дем алатуғын кислородты өзинен бөлип шығарады. Буннан тысқары тоғайлар жер бетиниң ықлымын қәлиплестириӯде, тәбияттағы суў баланысын ретлестириўде топырақты ҳәм дәрья жағаларын беккемлеўде ҳәм санитариялық гигинаны жақсылаўда үлкен әҳмийетке ийе. Сондай ақ тоғайлар эстетикалық әҳмийетке де ийе, олар адамның ден саўлығын сақлаўда үлкен роль атқарады. Айырым тоғай өсимликлериниң жапырақларынан ҳәм гүллеринен фитонцидлер бөлинип шығады. Олар зиянлы микроорганизимлерди өлтиреди. Мс: 1 га майдандағы можжевельник өсимлиги 1 суткада 30 кг ға шекем фитоцид бөлип шығарады ҳаўаны тазалаўға жәрдем береди. Дүнья жүзиндеги тоғайдың ўлыўма майданы 4 млрд, гектарды қурайды. Олар қурғақлықтың 31% тен аслам аймағын ийелийди. Оның ағашларының қоры 350 млрд, м3 тен зият. Орайлық Азия регионында тоғайлар тийкарынан Әмиўдәрья, Сырдәрья, Зарафшан, Теджен, Мургаб Сумбара, Чандра, Атрек, Вахш, Ил, Чу, ҳ.т.б. дәрьяларының қучрлықларында ҳәм суўғарылатугын жерлеринле жайласқан. Олардың ишинде ең көп тарқалған ағаш породаларынан таллар, тораңғыллар, жийделер, жыңғыллар ҳәм шеңгеллер болып табылады. Әмиўдәрья ҳәм Ақдәрья бойларында Назархан тоғай, Бекбай тоғай, Бадай тоғай, Самамбай , Хожакөл тоғай деп аталатуғын тоғайлар бар. Қуўаныш жарма каналының жағаларында Нурым тубек тоғай, ал Кегейли каналының бойында Шортанбай тоғай ҳәм Еркин тоғай жайласқан. Азғана көлемдеги тоғайлар Қазақдәрья ҳәм Үлкендәрья жағаларында ушырасады. Улыўма тоғайлардың 55% ти Әмиўдәрья ның арқа бөлиминде өседи. Download 17.71 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling