Тийкарғы бөлим 1-бап. Екологиялық ҳуқықый тәртипти тәмийинлеўде екологиялық жынаятлы жуўапкерликтиң орны, түсиниги ҳәм айриқша қәсиетлери


Download 34.75 Kb.
bet2/4
Sana17.06.2023
Hajmi34.75 Kb.
#1537800
1   2   3   4
Bog'liq
экалогия

Курс жумысының мақсети: екологиялық жынаятлардың алдын алыўға қаратылған нызам ҳүжжетлеринен келип шығып, олардағы белгиленген талаплар, миннетлемелер ҳәм басқа жағдайларды атқармаслиқ себепли пайда болатуғын екологиялық жынаятлы түсиниклерин характеристикалаў, мәнисин ашып бериў, оларды системалаў, ҳуқықбузарлиқлар қурамын белгилеген ҳуқықый тийкарларды анализ қылыў, пайда болған ақыбетлер тийкарында жынаятлы жуўапкерлик мәселелерин анализ қылыў, сол тараўдағы ҳуқықый нормалар ҳәмилимий теориялық жағдайлар тийкарында тийисли жуўмақлар қылыў, жынаятлы ҳуқықбузарлиқлар ушын жуўапкершиликлерди қоълловчи мәмлекет шөлкемлериниң искерлигин ҳәм олардың ўәкилликлерин ҳуқықый анализ етиўден ибарат есапланади.
Жоқарыда қойылған мақсеттен келип шығып, курс жумысының ўазыйпаларына төмендегилер киреди:
-Екологиялық тараўда әмелге асырылған жынаятлы ҳуқықбузарликлар ушын жуўапкерлик түсиниги ҳәм айриқша қәсиетлери үйрениў;
- екологиялық ҳуқықбузарликлар ушын жынаятлы жуўапкерлик ҳәм жазаның вужудга келиў тийкарлары ҳуқықый анализ қылыў ;
- екологиялық тараўда әмелге асырылған жынаятлы ҳуқықбузарликлар ушын жынаятлы жуўапкерликтиң басқа юридикалық жуўапкершиликлерден фарқланишин илимий анализ қылыў ;
- жер, жер асты байлықлары, ҳайўанот ямаса өсимлик дүнясынан пайдаланыў шәртлерин ямаса оларды қорғаў талапларын бузыў ушын жынаятлы жуўапкерликтиң айриқша қәсиетлерин үйрениў;
- суўдан пайдаланыў және оны қорғаў тәртиплерин бузғанлық ушын жынаятлы жуўапкерлик мәселелерин анализ қылыў ;
- пайдаланыў режимин бузыў ушын жынаятлы жуўапкерлик мәселелери.
- екологиялық тараўда әмелге асырылған жынаятлы ҳуқықбузарликлар ушын жынаятлы жуўапкерликти қоълловчи мәмлекет органлири классификацияын анықлаў ҳәм олардың екологиялық тәртипотни тәмийинлеў деги орнын ашып бериў;
Изертлеўден кутилаётган нәтийжелер:
1) темаға тийисли термин ҳәм аңлатпалардың ҳуқықый түсиниклерин илимий анализ етиледи;
2) екология саласында жүз етилетуғын ҳуқықбузарлиқларди туўры квалификатсия қылыў мәселелери анализ етиледи;
3) екология саласында жүз етилетуғын ҳуқықбузарликларнига салыстырғанда жуўапкерлик мәселелерин басқа юридикалық жуўапкершиликлерден айрықша тареплерин анықлаў ;
4) екологиялық жынаятлы ҳуқықбузарликларни келтирип шығарап атырған себеп ҳәм шараятларды анықлаў ҳәм сапластырыў критеряларын уйрениледи;
5) жер, жер асты байлықлары, суў, ҳайўанот ямаса өсимлик дүнясынан пайдаланыў шәртлерин ямаса оларды қорғаў талапларын бузыў ушын жынаятлы жуўапкерлик ҳуқықый анализ етиледи.
Курс жумысының алдына қойылған мақсет тийкарында теманы жақтыландыриў ушын кирисиў, жуўмақ, пайдаланылған әдебиятлар дизими ҳәм бесеў параграфды өз ишине алған еки баптан ибарат жоба тийкарында жумыс журитилди.



Download 34.75 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling