4. Салық теориясы пәниниң салық хызметкерлерин
таярлаўдағы роли.
Салық хызметкерлери ӛзлерине нызамлы ҳүжжетлерде жүкленген
ўазыйпаларды табыслы орынлаўы ушын тек ғана әмелий жақтан салықларды
билип қоймастан, салықлардың мазмуны, белгилери, олардың объектив
зәрүрлиги, мәмлекеттиң салық сиясаты, салықлар системасы, салықка тартыў
системасы, салық мекемелери системасы ҳәм басқалар киби теориялық
мәселелерди терең билиўи зәрүр. Буның ушын салық теориясы пәнин терең
үйрениў керек. Соны нәзерде тутыў керек, Леонардо До Винчи айтқанындай:
«Теория әскер басы, әмелият әскерлер». Теория әмелиятты туўры жолға
баслаўшы компас. Ҳәр кандай ўазыйпаларды қәнигелер орынлайды. Соның
ушын, олар терең теориялық билимге ҳәм кәсип шеберлигине ийе болыўы
зәрүр.
Пәнниң мазмунын терең ийелеген хар кандай қәнийге салықларды
үйрениўде ҳәм оларды турмысқа туўры ҳәм толық енгизиўде адаспайды.
Солай екен бул пән студентлер, салық хызметкерлери, салық тараўы
ўәкиллери, илимий излениўшилер ушын ӛзлериниң илимий потенциалын
асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Қадағалаў ушын сораўлар
1.Салық теориясы пәнин оқытыў не ушын зәрүр?
2.Салық теориясы пәни нени үйретеди ҳәм оның кандай ўазыйпалары бар.
3.Пәнниң теориялық тийкары нелерден ибарат?
4.Салық теориясы пәни кандай пәнлер менен ӛз ара байланыслы?
5.Салық теориясы пәниниң салық қәнийгелерин таярлаўдағы роли кандай ?
6.Салық теориясы предметине анықлама бериң?
2-тема. Салық қатнасықларының пайда болыўы ҳәм раўажланыў
басқышлары
Таяныш сӛзлер
Ўлпон.
Аваризот.
Жузя.
Иқтаъ.
Калон.
Копчур.
Do'stlaringiz bilan baham: |